Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиаллары тәрепинен усы оқыў орынларында оқып билим алып атырған студент-жаслар ушын «Мийнет ярмаркасы» шөлкемлестирилди.

Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, республикамыздағы усы тараўларға байланыслы 26 мәкеме өзлериниң бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Онда шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, соңғы ўақытлары елимизде Президентимиздиң басламасы менен студент-жасларды қоллап-қуўатлаў, оқыўы, әмелий жумысларын иске асырыўы, олардың материаллық жақтан тәмийинлениўи ушын бир қатар шараятлар, қолайлықлар жаратылмақта. Әсиресе, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлердиң жоқары курсларда оқып атырғанларының өзлериниң бос ўақытларында қосымша жумыс ислеп, дәрамат табыўы ушын жаратылып атырған шараятларды буның айқын мысалы сыпатында айрықша атап өтсек болады. Бул студент-жаслардың қосымша дәрамат табыўында оғада әҳмийетли болмақта.

Ҳәзирги ўақытта усы еки оқыў орнында бес жүзден аслам студент-жаслар билим алмақта.

– Мен Беруний районынан келип, мине бир неше жылдан берли Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында оқып атырман,-дейди Динара Самандарова. – Ҳәзир 3-курстаман. Квартирада жасайман.

Президентимиздиң басламасы менен студент-жаслардың жумыс ислеп қосымша дәрамат табыўы ушын жаратылған шараятлар себепли, быйыл жумысқа орналастым. 18-апрельден берли филиалымыздың денетәрбия теориясы ҳәм социаллық гуманитар пәнлер кафедрасында ярым штатта жумыс ислеп атырман. Усындай жәрдем көрсетилгени, қосымша дәрамат табыўым ушын шараятлар жаратылғаны ушын басшыларымыздан минетдарман.

Илаж даўамында бир қатар студент-жаслар ярмаркаға келген мәкемелер тәрепинен усынылған бос жумыс орынлары менен танысып, сәўбетлесип, тийисли жолламалар алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги