Қарақалпақстан Республикасы турақлы халқының саны 2022-жыл 1-апрель жағдайына 1955,7 мың адамды қурап, 2022-жыл басынан 7,2 мың адамға яки 0,4 процентке өскен. Соннан, қала халқының саны 958,2 мың адамды (жәми халық санындағы үлеси 49,0 %), аўыллық жердеги халықтың саны 997,5 мың адамды (51,0 %) қурады.
2022-жылдың январь-март айларында 9,7 мың бала туўылған болып (бул жерде ҳәм буннан кейин туўылғанларға тек тири туўылғанлар инабатқа алынған), сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда туўылыў коэффициенти 20,1 промиллени қурады ҳәм 2021-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 3,3 промиллеге көбейгенлиги (2021-жылдың январь-март айларында 16,8 промилле болған) бақланды,-дейди Статистика басқармасы Демография ҳәм мийнет статистикасы бөлиминиң баслығы Қ.Сигаев.
Январь-март айларында ПҲАЖ органлары тәрепинен 4,2 мың неке дизимге алынды, сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда неке дүзиў коэффициенти 8,6 промиллени қурады. Ал, усы дәўирде ПҲАЖ органлары тәрепинен 0,6 мың некеден ажырасыўлар дизимге алынған болып, сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда некеден ажырасыў коэффициенти 1,2 промиллени қурады.
2022-жыл январь-март айларында республика бойынша көшип келгенлер саны 2,4 мың адамды, көшип кеткенлер саны болса 2,6 мың адамды қурады. Усы дәўирдеги миграция салдосы минус 0,2 мың адам болып, 2021-жылдың сәйкес дәўиринде минус 2,1 мың адам болған.
Ал, Нөкис қаласының турақлы халқының саны 2022-жыл 1-апрель жағдайына 330,7 мың адамды қурап, жыл басынан 1,7 мың адамға яки 0,5 процентке өскен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги