Жо Байден америкалыларды жанылғыны үнемлеў ушын электромобильге өтиўге шақырды. 

«Мениң режемде электромобиль сатып алған пуқараларға салық жеңилликлерин бериў де бар», – деди АҚШ Президенти өз баянатында.

Оның қосымша етиўинше, бул автомобиль басқарыўшыларына жанылғы ушын ҳәр айда 80 доллар үнемлеў мүмкиншилигин береди. Буннан тысқары, Америка Президенти қуяш панеллерин ҳәм жанылғы насосларын, сондай-ақ энергияны үнемлейтуғын айна-қапыларды сатып алған пуқараларға да салық жеңилликлери берилиўине ўәде берди.

Президенттиң айтыўынша, бул да биржылдаорташа500 доллар үнемлеў имканиятын береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги