Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан  байрамы алдында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 65 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардан 2 адам тийкарғы жазадан толық азат етилди, 39 ы жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, 6 адамның еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ,  18 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң биреўин сырт ел пуқараcы, үшеўин ҳаяллар,  үшеўин 60 жастан асқан шахслар және үшеўин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысына қатнасқан шахслар қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша  әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА