Украина президенти Владимир Зеленский G-20 саммитинде қатнасыў ушын мирәтнама алғанын мәлим етти, – деп жазады «Арменпресс».
Сәршемби күни Индонезия президенти Жоко Видодо менен телефон қоңыраўынан соң ол «Twitter»деги бетинде «G-20 саммитине мирәт еткениңиз ушын рахмет» деп жазған.
– Украинаның суверенитетин ҳәм аймақлық пүтинлигин қоллап-қуўатлағаныңыз ушын миннетдарман, – дейди Зеленский.
Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси де додаланған.
Атап өтиў керек, G-20 саммити 2022-жыл гүзде Индонезияда болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги