25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбесине қатнасыў ушын Россия делегациясы басшылығында елимизде болып турған Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуровты қабыллады.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия әмелий бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыўдың көлемин кеңейтиў, инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырыў ҳәм жаңа локализациялық жойбарларды алға қойыў, еки мәмлекет аймақлары кооперациясы ушырасыўдың тийкарғы темасы болды.

Машина қурылысы, металлургия, аўыл хожалығы, жеңил санаат, химия ҳәм фармацевтика тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласында өтип атырған санаат көргизбеси шеңбериндеги исбилерменлик илажларының жемисли нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ӨзА