Коллективлик Қәўипсизлик Шәртнамасы Шөлкеми (КҚШШ)не ағза мәмлекетлер ўәкиллери шөлкем аймағында әскерий қәўипсизликти тәмийинлеў мәселесин додалаў мақсетинде ушырасқан.
Бул ҳаққында Қазақстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Мәжилиске Қазақстан, Армения, Беларусь, Қырғызстан, Россия ҳәм Тәжикстан Қураллы күшлери штабының баслықлары, КҚШШ Бирлескен штаб баслығы, сондай-ақ, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң қорғаныў уйымларының ўәкиллери қатнасқан.
Видеоконференция форматында өткен илажда шөлкем шеңберинде әскерий қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, кризиске қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў ҳәм КҚШШға ағза мәмлекетлер Қураллы күшлериниң халықаралық пәрўазларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли бағдарлары көрип шығылған. Тәреплер 2022-жылы КҚШШ Коллективлик қәўипсизлик системасы басқарыў уйымлары, күшлери ҳәм қуралларын биргеликте таярлаў режесин тастыйықлап алған.
Қарақалпақстан хабар агентилиги