Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери сиясий партияларының «Өзине тән өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда раўажланыў жолынан исенимли барыў: сиясий партиялардың ўазыйпасы ҳәм жуўапкершилиги» атамасындағы үшинши форум видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилди.
Бул конференция усы жылы 25-январь күни дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығына бағышланып шөлкемлестирилген Орайлық Азия ҳәм Қытай мәмлекети басшыларының видеоконференция тәризиндеги ушырасыўда ерисилген келисимге муўапық шөлкемлестирилди.
Илажда Қытай Коммунистлик партиясы, Орайлық Азия мәмлекетлериниң парламентлери ҳәм сиясий партияларынан 60 қа шамалас делегат қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, парламентлераралық ҳәм сиясий партиялар арасындағы байланыслар жедел түс алмақта, ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик буннан былай да беккемленбекте.
Форумда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм ҚХР арасындағы 30 жыллық бирге ислесиў нәтийжелерине, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған регионаллық басламаларға айрықша итибар қаратылды. Көп қырлы бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер, перспективадағы тийкарғы бағдарлар бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов мәмлекетимиздиң Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен көп тәреплеме стратегиялық қатнасықлар, атап айтқанда, парламентлераралық байланыслар избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Конференцияда елимиздеги бес сиясий партия ўәкиллери де қатнасып, баянат жасады.
Қатнасыўшылардың пикиринше, бул форум дүнья жүзиниң көпшилик бөлегин ийелеген мәмлекетлер арасындағы сиясий, экономикалық, ҳуқықый, руўхый-ағартыўшылық байланыслардың раўажланыўын жаңа басқышқа көтереди. Соның ишинде, парламентлердиң жумысында нызам дөретиўшилигин жетилистириўге хызмет етеди, ҳүжжетлерди еле де толық ислеп шығыў имканиятын кеңейтеди, партиялараралық байланысларды жаңа басқышқа алып шығады. Сиясий партиялардың өз-ара тиккелей сөйлесиўге кирисиў механизмин қәлиплестириўге жәрдем береди.
Онлайн ушырасыўда Орайлық Азия ҳәм Қытай халықларын және де жақынластырыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Форум жуўмағында тәреплер ушын әҳмийетли болған мәселелерге байланыслы улыўма көзқараслар ҳәм усыныслар билдирилди.
Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,
ӨзАның хабаршысы