22-ноябрь күни «Билимлендириў тараўында жеке меншик сектор қатнасыўын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарар менен 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери:

-барлық түрдеги салық (оған социаллық салық кирмейди) ҳәм жыйымлардан азат етиледи;

– онда мийнет жумысын әмелге асырып атырған сырт елли оқытыўшы ҳәм қәнигелер  физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық төлемейди.

Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң төмендеги Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын товар үскенелерине бажхана төлемлери төленбейди (бажхана рәсмийлестриўи ушын жыйынлар буннан тысқары):

– заманагөй оқыў ҳәм лабортаория үскенелери;

– компьютер техникасы ҳәм программалық өнимлер;

– оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, үскенелер ҳәм техникалық ресурслар.

2025-жыл 1-январьдан баслап:

– мәмлекетлик емес шөлкемлерине турақлы тартылатуғын педагог сырт ел педагог қәнигелерине «А-2» оқытыўшылар кириў визаларын бериў жолға қойылады;

-мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў тәрепинен сырт елден келген қәнигелерге мийнет етиў ҳуқықын бериўши тастыйықлаў бериў жыйым муғдары БЕМның 30 есесинен 1 есесине шекем азайтылады.

ӨзА