Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 23-марттағы  «Өзбекстан Республикасында мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи мәселелерин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарында Өзбекстан халықлары мәдений мийрасының сақланыўын тәмийинлеў, мәдений байлықлардың нызамға қарсы түрде алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўинен сақлаў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде елиў жыл  ҳәм оннан бурынырақ исленген мәдений байлықлар  мәмлекетимизден алып шығылып кетилмеўи белгилеп қойылған.

Солай болса да, айырым пуқаралар тәрепинен әмелдеги нызамшылық талапларына қарама-қарсы түрде мәдений байлықларымызды  республикамыздың аймағынан нызамсыз тәризде алып шығып кетиўге урыныў жағдайлары ушырасып тур.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Нөкис аэропорт» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен «Нөкис-Москва» жөнелисиндеги НУ9625-санлы авиарейс жолаўшысы Б.Ш. бажыхана тексериўинен өткерилгенде, бажыхана хызметкерлериниң аўызеки сораўында айтылмаған 7 дана ески теңге ҳәм 10 дана ески медаль бар екенлиги анықланды.

Айғақлы дәлил ретинде услап қалынған жәми 17 дана ески теңге ҳәм медаль экспертиза жуўмағы бойынша  республикамыздың аймағынан алып шығылыўы қадаған етилген мәдений байлықлар қатарына киретуғынлығы белгиленген ҳәм Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине ўақытша сақлаў ушын тапсырылды.

Жыл басынан берли Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен 9 жағдайда жәми 39 дана мәдений мийрас объектлериниң республикамыздың аймағынан нызамсыз алып шығылыўының алды алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы