“Үлкен Дубылға” дүркимине кириўши турнирлердиӊ 20 мәрте чемпионы, дүньяныӊ әйне күндеги биринши ракеткасы, сербиялы Новак Жокович Монте-Карлода болып өткен “Мастерс” турнирин 1/8 финалында испаниялы Алехандро Давидович-Фокиннан 3/6, 7/6, 1/6 есабында жеӊилип қалды.
Ушырасыў 2 саат 56 минут даўам етти.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, бул турнирдиӊ хошаметлеў муғдары 5 млн 415 мыӊ 410 евроныӊ қурап, “Мастерс”диӊ әмелдеги чемпионы грециялы теннисши Стефанос Циципас есапланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы