Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўында халық билимлендириў системасы тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, жыл басында белгиленген тапсырмалардың орынланыўы, жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын баслы ўазыйпаларға арналған жыйналыс болып өтпекте.

Жыйналыста Шавкат Мирзиёев тараўдағы жумыслардың аўҳалын қанаатландырарсыз деп баҳалап, буның ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерин кескин сынға алды.

Атап айтқанда, еки айда Өзбекстан бойлап өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде республикадағы 852 мектепте билимлендириў сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежеси бирқанша төмен екенлиги анықланған.

Бул бағдардағы ең аўыр аўҳал Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстанда екенлиги атап өтилди.

Жыйналыста Өзбекстан көлеминде 1 мың 526 мектеп балалар тәрбиясы, оқыўға қатнас, руўхый орталық бойынша «қызыл» категорияға киргизилгенлиги мәлим етилип, әсиресе, Ташкент қаласындағы 69 мектеп, Сурхандәрьяда 169, Қарақалпақстанда 128, Сырдәрьяда 54, Ферғанада 162, Ташкент ўәлаятындағы 147 мектептеги орталық қанаатландырарсыз деп табылған.

Президент тараўда алдағы ўақытлары әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды белгилеп берип, ең алды менен, мектеп муғаллимлерин жаңа методика тийкарында қайта таярлаў бойынша улыўма миллий жойбар басланатуғынлығын мәлим етти.

«Усы жаңа система шеңберинде алдағы 3-4 жылда мектеплердеги барлық класс муғаллимлери жаңа методика тийкарында оқытылады. Буның ушын:

– 1-июньға шекем ҳәр бир аймақтағы Қәнигелигин жетилистириў орайлары тийкарында Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий билимлендириў орайлары шөлкемлестириледи;

– бул орайларға математика, физика, химия, биология, IT сыяқлы анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша сырт еллерден ең тәжирийбели қәнигелер шақырылады;

– сырт елли қәнигелер жәрдеминде жоқары оқыў орынлары, миллий билимлендириў орайлары ҳәм мобиль топарлардың оқытыўшыларынан ибарат ҳәр бир ўәлаят кесиминде «тренерлер топарлары» қәлиплестириледи;

– бул тренерлер болса орынларда мектеп муғаллимлериниң тиккелей қәнигелигин жетилистирип барады. Олардың айлық мийнет ҳақысына 100 процентке шекем үстемелер төленеди.

Улыўма алғанда, жоқарыдағы жаңа системаларды енгизиў ушын 100 миллион доллар қосымша қаржы ажыратылады», – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент бул бағдардағы Қарақалпақстан ҳәм Самарқанд тәжирийбесин үлги етип көрсетти.

«Мәселен, Қарақалпақстандағы мобиль топарлар бир ай даўамында орынларда муғаллимлерди оқытқаны нәтийжесинде олардың билим ҳәм көнликпелери 15 процентке жақсыланған», – деди мәмлекет басшысы.

Усы орында атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың 1-март сәнесинен баслап халық билимлендириў системасындағы педагог кадрлардың қәнигелигин жетилистириў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тәжирийбели профессор-оқытыўшыларынан ибарат мобиль топарлар шөлкемлестирилип, олар Беруний ҳәм Бозатаў районларындағы мектеплерде өз жумысларын алып барды. Нәтийжеде Президент атап өткениндей, бул бағдарда қысқа ўақыттың ишинде жақсы нәтийжелерге ерисилди.

Жыйналыста Шавкат Мирзиёев Авлоний институты Республикалық миллий билимлендириў орайы сыпатында қайта шөлкемлестирилип, Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети менен бир системаға айландырылатуғынлығын атап өтти.

«Улыўма алғанда, жаңа методикаларға оқытыў системасы Миллий билимлендириў орайы ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинен басланады.

Университет Халық билимлендириў министрлиги қурамына өтеди, мектеп муғаллимлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша республикадағы таяныш мәкемеге айландырылады», – деди Президент.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.