Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 16-март күни Қазақстан халқына мүрәжатында усыныс еткен сиясий ҳәм экономикалық реформаларды әмелге асырыў бойынша улыўмамиллий илажлар режесин тастыйықлады. Бул ҳаққында мәмлекет басшысының баспасөз хызмети мәлим етпекте.
«Жаңа Қазақстан: жаңаланыў ҳәм модернизацияланыўға жол», деп аталған улыўмамиллий илажлар режесин Қазақстан Республикасы ҳүкимети өз ўақтында ҳәм булжытпай тәмийинлейди.
Сондай-ақ, мәмлекет басшысы тәрепинен Қазақстан халқына жолланған мүрәжаттың ҳәр бир бөлеги бойынша системалы мәлимлеме-түсиндириў жумыслары алып барылады», – делинеди Президент пәрманында.
Улыўмамиллий илажлар режеси конституция нызамларына ҳәм Президент ўәкиллиги мәселеси бойынша нызамларға өзгерислер киргизиўди, парламенттиң еки палатасы, жергиликли ўәкиллик шөлкемлери, орынлардағы басшылар, партия структураларын қәлиплестириў тәртиплери ҳәм ўазыйпаларын белгилеп беретуғын сиясий реформаларды нәзерде тутады.
Буннан тысқары, жаңа үш ўәлаятты шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын мәмлекеттиң ҳәкимшилик-аймақлық структурасы өзгереди. 16-март күни Тоқаев мәмлекет халқына «Жаңа Қазақстан: жаңаланыў ҳәм модернизациялаўға жол» деп аталған мүрәжатты жоллаған еди. Президент бул мүрәжатында Қазақстанды раўажландырыўдың сиясий моделин жаратыў бойынша режесин усынған еди. Мәмлекет басшысының атап өтиўинше, бул жерде сөз басқарыўдың суперпрезидентлик түринен күшли парламентке ийе болған президентлик республикасына өтиў ҳаққында бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги