Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июльдағы 620-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Сырт мәмлекетлерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлер төмендеги жағдайларда тән алынбайды:
– сырт мәмлекетте билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжет берилген мәмлекетте оның ийесине Өзбекстан Республикасындағыға салыстырғанда билим алыў ҳәм (ямаса) кәсиплик хызмет пенен шуғылланыў ушын кем ҳуқықлар берилген болса (ҳүжжет ийеси билимлендириўдиң кейинги басқышында оқыўын даўам еттириў, кәсиплик хызмет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаса);
– жоқары мағлыўмат Өзбекстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылмаған тәлим түрлеринде алынған болса;
Жоқары билимлендириў басқышларында:
– бакалавриат бойынша оқыў мүддети үш жылдан кем болса ямаса Европа билимлендириў системасы тийкарында оқыў даўамында 240 тан кем кредит топлаған болса;
– магистратура бойынша оқыў мүддети бир жылдан кем болса;
– бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери қосып оқытылатуғын билимлендириў бағдарламалары бойынша билим алғанда улыўмалық оқыў дәўири үш жылдан кем болса.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.