«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис районлық бөлими, районлық спорт бөлими менен биргеликте улыўма халықлық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен «Спортты сүй, спорт пенен жаса!» сүрени астында самбо бойынша жарыс болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде болып өткен жарыста ҳәр бир салмақ категориялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм районлық спорт бөлимлери тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги