Ташкентте 25-март күни Ҳиндстан Республикасы басшылығында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық контртеррор структурасы Кеңесиниң гезектеги, отыз жетинши мәжилиси болып өтти.

Илажға Ҳиндстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан, Өзбекстан мәмлекетлериниң ўәкилликли уйымлары, сондай-ақ, ШБШ РКТШ Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Тәреплер регионаллық қәўипсизликке байланыслы жағдайды көрип шығып, ШБШ майданында терроризмге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўындағы ҳәзирги жағдайды додалады. Сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасындағы бирге ислесиў бойынша пикир алысты ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлер, халықаралық терроршылық шөлкемлери тәрепинен қәўипсизликке болыўы мүмкин қәўиплерге биргеликте қарсы турыў илажларын белгилеп алды.

Мәжилисте  ШБШ РКТШ Кеңесиниң 2021-жылдағы қарарларының орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемеси көрип шығылып, Атқарыў комитетиниң өткен дәўирдеги жумысы унамлы баҳаланды.

Ҳиндстан тәрепиниң  2022-жылы ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының «Маресар – Контртеррор – 2022» Қоспа контртеррор оқыў-шынығыўларын, сондай-ақ, Қазақстан тәрепиниң ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының «Дослық шегарасы-2022» Биргеликтеги шегара әмелиятын өткериў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатланды.

ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымлары шегара хызметлери басшыларының сегизинши мәжилиси ҳәм ШБШ РКТШ ның сегизинши халықаралық илимий-әмелий конференциясын өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

Бир қатар ШБШға ағза мәмлекетлер ўәкилликли уйымларының хызметкерлери ҳәм Атқарыў комитетиниң лаўазымлы шахслары ШБШ РКТШ жумысын раўажландырыўға және ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында  бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын Кеңестиң ҳүрмет жарлығы ҳәм ШБШ РКТШ Естелик белгиси менен сыйлықланды.

ШБШ РКТШ Кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2022-жыл 14-октябрьде Ҳиндстан Республикасының Нью-Дели қаласында өткериўге келисип алынды.

Мәжилис исшеңлик руўхында, дослық орталықта өтти.

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы