Украина Бас министриниң биринши орынбасары Ирина Верещук Президент Владимир Зеленский Россия Президенти Владимир Путин менен ушырасыўға таяр екенин тастыйықлады.
«Президентимиз Путин менен ушырасыўға, Сөйлесиўлер столына отырыўға таяр. Украина Президентин халықтың 90 проценти қоллап-қуўатлайды. Халық оған Украинаның миллий мәплерин қорғаў ушын сөйлесиў алып барыўға толық ўәкиллик берген», – деди Верещук BFMTV телеканалында шығып сөйлеп.
«Не туўралы сөйлесиўи мүмкин? Сөйлесиўди оқ атыўды тоқтатыўдан баслаў керек. Сиясий процесслерде сөйлесиўлер солай басланыўы керек», деп атап өтти ол. Оның айтыўынша, сиясий сөйлесиўлерге өтиўден алдын гуманитарлық коридорлар бойынша да жумыс алып барыў зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги