Қазақстан Украинадағы жағдайды дипломатиялық жол менен шешиўге өз үлесин қосыўға, еки мәмлекет арасында жарастырыўшы болыўға таяр, деп мәлим етти республика сыртқы ислер министриниң орынбасары Роман Василенко.

– Министр Украинада жүзеге келип атырған жағдайды БМШ режесине муўапық тыныш жол менен тәртипке салыў зәрүрлиги, жарастырыўшылық хызмети арқалы машқаланы дипломатия жәрдеминде сапластырыўға таяр екени бойынша унамлы позициясын билдирди, – делинеди «Интерфакс» хабарында.

Еслетип өтемиз, алдын Қазақстан сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Шахрат Нурышев мәмлекет Россия-Украина мәселесинде ҳеш бир тәрепти жақламайтуғынын, жағдайды дипломатиялық жол менен шешиўге үмит етип отырғанын мәлим еткен еди.

Президент Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан бул мәселеде зәрүр болатуғын ҳәр қандай жәрдемди көрсетиўге таяр екенин атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги