Жасыл майданларды кеңейтиў экологиялық машқалаларды жумсартыўдың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланбақта.

Бул бойынша Президентимиздиң «Республикамызда көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклердиң қорғалыўын және де нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың 186 район ҳәм қаласында 2022-2024-жыллары 1278 гектар, соннан 2022-жылда 584 гектар майданда «жасыл парклер», 184 район ҳәм қаладағы 306 объектте 2022-2024-жыллары 1082 гектар майданда жаңадан «жасыл жәмәәт парклери»н қурыў белгиленген.

Тек ғана Мойнақ районындағы Арал теңизиниң қурыған түби аймақларында усы жылы «жасыл қапламалар» жаратыў бойынша жойбарлаў-излеў жумыслары алып барылып, егилетуғын аймақлар белгиленген, картасы ҳәм смета ҳүжжетлери ислеп шығылған. Тоғай-мелиоратив илажларды әмелге асырыў ушын 635 жумысшы-хызметкерлер тартылған.

Ҳәзирги күнге шекем 568 тонна, соның ишинде, жергиликли халық тәрепинен 382,7 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналды. 68,5 мың гектар майданда «жасыл қапламалар» қурылды, 70 гектар майданда нәлханалар шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, 752 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары жыйналып, 110 гектар майданда сексеўил нәлханалары шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, 11 миллион тез өсетуғын тереклердиң қәлемшелери нәлханаларға егилди.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен «Ҳүкимет сааты»нда мәлим етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА