Сайлаўда жетекши оппозициядағы «Пуқаралық күшлери» партиясынан Корея Республикасы президентлигине талабан Юн Сук Ёл жеңиске еристи.

Бул ҳаққында Корея Республикасы орайлық сайлаў комиссиясы мәлим етти.

Юн Сук Ёл 48,56 процент, оның қарсыласы, ҳүкимдар «Табуро» демократиялық партиясының ўәкили Ли Чжэ Мён болса 47,83  процент даўыс топлаған.

Президентлик сайлаўда Сим Сан Чжон 2,37 процент даўыс пенен үшинши орынды ийелеген.

Сайлаўға сайлаўшылардың 77,1 проценти қатнасты ҳәм дизимге алынған 44,19 миллион сайлаўшыдан 34 миллионнан аслам адам даўыс берди.

Сәршемби күни Қубла Кореяда сайлаў болып өтти.

Рәсмийлер коронавирусқа шатылған сайлаўшы ҳәм карантиндегилер ушын арнаўлы ўақыт ажыратты.

Мүддетинен бурын даўыс бериў 4- ҳәм 5-март күнлери болып, оған сайлаўшылардың 36,9 проценти қатнасқан.

ӨзА