Қарақалпақстан Республикасы  бажыхана басқармасы тәрепинен күшли тәсир етиўши дәрилердиң нызамсыз алып келиниўине қарсы гүресиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Басқарманың Контрабандағы қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте Төрткүл районында өткерилген илажда усындай жағдай анықланды.

Атап айтқанда, илаж барысында «Кобальт» маркалы автотранспорт қуралы тоқтатылып, онда жолаўшы ретинде киятырған пуқара А.Ж. қалыс гүўалар қатнасында тексериўден өткерилди. Нәтийжеде бул пуқараның жанында ҳәм оған тийисли болған сумкада 419 дана «Регапен 300 мг» және 225 дана флаконда «Тропикамид» күшли тәсир етиўши дәри барлығы анықланды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен  тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги