Қурал-жарақтың нызамсыз айланысына шек қойыў ҳәм оннан жынайый мақсетлерде пайдаланыў жағдайларының ерте алдын алыў мақсетинде усы жылдың 5-15-март күнлери аралығында республикамыз аймағында «Қурал» арнаўлы профилактикалық илажы өткерилмекте.
Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет, пуқаралар тәрепинен жеке қурал ҳәм оқ дәрилерди сақлаў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибине қатаң бойсыныўын тексериў, исенимли сақланыўына тосқынлық етиўши шараятларды сапластырыў, қурал-жарақ пенен байланыслы жынаятлардың ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў болып табылады.
Илаж даўамында ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен алып барылған профилактикалық түсиндириў жумысларының нәтийжесинде пуқаралар үйлеринде сақланып атырған қуралларды өзлериниң ерки менен тапсырмақта. Атап айтқанда, Шоманай районында жасаўшы пуқара К.Ж. өзиниң қоймаханасынан 1 дана аў мылтығының стволын таўып алып, аймақлық профилактика инспекторына өз ерки менен әкелип тапсырған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги