Нөкис районында «Депутатлар ҳәм исбилерменлердиң сәўбетлесиўи» атамасында форум өткерилди.
Онда Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары, Мәмлекетлик салық инспекциясының, коммерциялық банклердиң басшылары, қәнигелери, «Төктаў» МПЖдағы ҳәким жәрдемшиси, исбилерменлер қатнасты.
Форумда тийкарынан киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған, исбилерменлердиң еркин жумыс ислеўине иркиниш жасайтуғын бир қатар машқалалар сөз етилди. Баслы мақсет – усы машқалаларды турақлы түрде системалы үйренип барыў ҳәм сапластырыў, исбилерменлердиң машқалалары менен пикир-усынысларын тыңлаў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын енди басламақшы болған пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, әмелий жәрдем бериўден ибарат.
Форумда қозғалған мәселелердиң көпшилиги кредит мәселеси болды. Атап айтқанда, «Төктаў» МПЖ турғыны Ж.Изетуллаев балықшылық хожалығын шөлкемлестириў, «Батыр» шаңарақлық кәрханасының баслығы М.Реймов өз исбилерменлигин кеңейтиў мақсетинде шайхана, балалар майданшасы, гөзаллық салонын ашыў ушын қурылыс материалларын алыў, пуқара Ж.Узақов өз бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усташылық пенен шуғылланыўы ушын әсбап-үскенелер сатып алыўға коммерциялық банклердиң райондағы филиалларынан кредит сорап керекли ҳүжжетлерди тапсырғаны, бирақ елеге шекем банктиң кредит бериўи кешиктирилип атырғанын мәлим етти.
Форумда көтерилген айырым мәселелер өз орнында шешимин тапқан болса, айырымларының орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги