Кейинги жылларда аўыл хожалығын реформалаў ҳәм тараўға базар механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күни республикамызда жетистирилип атырған 80 түрден аслам аўыл хожалығы өнимлери дүнья жүзиниң жетписке шамалас  мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Онда мийўе-овощ ҳәм собықлы өнимлердиң экспорт көлеми 2016-жылдан 2021-жылға шекем дерлик 2 есеге артқан.

Соның менен бирге, пахта ҳәм ғәлледен қысқартылып атырған жер майданларында бағшылық, жүзим, палыз ҳәм мийўе-овощ, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў тараўында экспортқа жарамлы аўыл хожалығы егинлерин егиўди көбейтиў, сондай-ақ, халықтың кең қатламларын тартыў арқалы бул жерлерден нәтийжели пайдаланыў системасын жаратыў есабынан тармақта қосымша өсимге ерисиўде илимге тийкарланған қатнас ҳәм үйрениўлерди есапқа алыўды талап етпекте.

Соның ишинде, есап-санақларға бола 1 гектар майданда жетистирилген пахта шийки затына салыстырғанда жүзимнен 7 есе, шийеден 6 есе, ғозадан 5 есе көп дәрамат алыў ҳәм усы жерлерде шаңарақлық исбилерменлик шеңберинде киши интенсив бағшылық, жүзим, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка ҳәм овощ жетистириў жойбарларын қоллап-қуўатлаў арқалы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турған мүтәж шаңарақлардың дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен имканият бар.

Халықтың дәрамат табыўға қаратылған исбилерменлик басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, халыққа аграр тармақта өз бизнесин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў ҳәм аўыл хожалығын диверсификациялаў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде «Мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзимгершиликте шаӊарақлық исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисинде дийқан хожалықларыныӊ үлесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарары қабыл етилген еди.

Усы қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы қунарсыз пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған 200 мыӊ гектар егислик майданларын 2022-2025-жылларда басқышпа-басқыш резервке қайтарыў  ҳәм усы  жер майданларында дийқан хожалылықларын шөлкемлестирилген ҳалда овощ-палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға 0,10 гектардан 1 гектарға шекемги өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 10 жылға ижараға бериў белгиленген еди.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ жоқарыда аты көрсетилген қарарыныӊ республикамызда орынланыўына бағышланып, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Әнжуманда Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П. Сейтмуратов, «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты  Қарақалпақстан  Республикасы Жер жойбар бөлиминиӊ топар баслығы Ж. Есбергенов, Электрон онлайн аукционды шөлкемлестириў орайыныӊ Қарақалпақстандағы жуўапкер ўәкили А. Жамилов, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан тийисли қәнигелер шығып сөйлеп, соӊғы ўақытлары республикамызда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кеӊ түрде түсиниклер берди.

Әнжуманда атап өтилгениндей, Президент қарары тийкарында быйылғы жылы кластер ҳәм фермер хожалықларында бос жатырған 8 110 га майданды аукционға шығарыў  режелестирилип, соннан усы күнге шекем 7 989 га жер майданы ҳәкимят жер фондына ѳткерилип мәмлекетлик дизимнен ѳткерилген.

Соныӊ ишинде, 1 015 га майданда 3056 жер участкасына аукцион протоколы дүзилип,  таӊлаўда жеӊгени ҳаққында  протоколды тастыйықлаў ҳаққындағы 796 га жерге  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ  арнаўлы қарары шыққан ҳәм 227 га майданға 710 ижара шәртнамасы дүзилген.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында усы күнге шекем 26 708 аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданлары UzKad бағдарламасына киргизилип, 24 702 жерден пайдаланыўшы мәмлекетлик дизимнен өткерилди ҳәм 2 006 пуқара жерден пайдаланыўшы сыпатында дизимге алынды. 40 294 көшпес мүлк обектлерине кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилди.

–  Е-ижара электрон мәлимлеме системасы арқалы келип түскен мағлыўматлар жер майданы орнында үйренип шығылып,  тийисли министрлик, мәкеме, кәрханалар менен келиседи ҳәм келисилген мағлыўматлар  район ҳәкимлигиниң Е-ижара электрон мәлимлеме системасына тастыйықлаў ушын жибериледи. Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша  6529 гектар жер майданы дийқан хожалығын жүргизиў ушын лотларға бѳлинип, 10-мартқа шекем 1120 гектар жер майданыныӊ жеӊимпазлары анықланды. Буннан тысқары юридикалық тәреплер ушын да республикамыз бойынша 22 жойбар (лот) ислеп шығылып, 1059,24 гектар жер майданы Е-аукционға шығарылды,-дейди бизге «Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты «ҚР жер жойбар» бѳлими топар баслығы Жақсылық Есбергенов.

Баспасөз әнжуманында журналистлер тәрепинен илаж шөлкемлестириўшилерине пуқараларды қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы