Усы жылы 10-март күни Хожели районындағы «Сарышүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Социаллық қалаша»ның имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Ресапубликасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынласып қалған улыўмахалықлық Наўрыз байрамы ҳәм «Социаллық қалаша»ның пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында, кем тәмийинленген шаңарақларды, соның ишинде, турақ жайға мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмеле асырылмақта. Инсан қәдирин улығлаў, оларды руўхый жақтан тәрбиялаў, солай етип, кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилген «Социаллық қалаша» кәмбағаллықтан шығарыў кластериниң пайдаланыўға тапсырылыўы буның айқын мысалы болып табылады.
«Сарышүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бурынғы «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаял-қызлар интернат үйиниң имараты аўыр жағдайдағы пуқараларды турақ жай менен тәмийинлеў, оларды дәраматлы етиў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мақсетинде «Социаллық қалаша»ға айландырылды. Қалаша имараты үш қабаттан ибарат болып, бағыўшысынан айырылған ҳаял-қызларға, майыплығы болған пуқараларға, турақ жайға мүтәж болған шаңарақларға 124 квартира турақ жай сыпатында тапсырылды. Бул жерде «Golden prayd Xodjeyli» ҳәм «Кегейли күн қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен 8 миллиард сумлық қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Кәмбағаллықтан шығарыў кластерин шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, бириншиден жәрдемге мүтәж шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў болса, екиншиден олардың бәнтлигин тәмийинлеп, кәмбағаллықтан шығарыў болып табылады.
Усы мақсетте райондағы Midasiatex cluster пахташылық кластериниң 150 орынға мөлшерленген тигиў фабрикасы, 1 гектар жерде 100 дана ыссыхана, жәми 1000 таўық бағыўға мөлшерленген 30 дана арнаўлы таўық кетек, балық жетистириў ушын 2 суў сақлағыш, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў цехы, 1500 шөже шығарыў қуўатлылығына ийе инкубатор шөлкемлестирилди.
«Социаллық қалаша»да «Медициналық, социаллық хызмет көрсетиў орайы»ның бөлмелери болып, усы жердиң өзинде жалғыз баслы, бағыўшысынан айырылған нураныйларға социаллық хызмет көрсетиледи. Буннан тысқары, қалашада 124 квартирада жасаўшыларға хызмет көрсететуғын медицина орайы, жәмийетлик тәртипти сақлаўшы профилактика инспекторы, ҳәким жәрдемшиси, қалаша директоры ҳәм хызметкерлери ушын арнаўлы бөлмелер ажыратылған.
Қалашада дәрихана, спорт зал ҳәм спорт майданшасы, китапхана, WIFI зонасы, IT орай, компьютер ханасы, үш түрдеги кәсипке бағдарлаўшы моно орай, саўда дүканы, шаштәрезхана, аяқ ийимлерди оңлаў устаханасы ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орайлары қалаша турғынларының хызметинде. Бул жерде 25 балаға мөлшерленген «Хожели келешеги» мәмлекетлик емес, шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта.
Илажда турақ жайлардың гилтлери өз ийелеринен салтанатлы жағдайда тапсырылды.
-Турақ жайым болмағаннан кейин көптен берли ҳәр жерде ижарада жасап, қыйналып келген едим,-дейди жалғыз баслы ана Амина Бектурғанова қуўаныш көз жасларын жасыра алмай.-Биздей бағыўшысынан айырылған, жәрдемге мүтәж инсанларға көрсетилип атырған бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Бул жерде жасаўшылар ушын барлық қолайлы шараят жаратылған.
Илаж қатнасыўшылары «Социаллық қалаша»да жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери