Ташкентте 9-март күни Қәўипсизлик бойынша Өзбекстан – Иран биргеликтеги комиссиясының биринши мәжилиси болып өтти.
Делегацияларға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Виктор Маҳмудов ҳәм Иран Ислам Республикасы Миллий қәўипсизлик жоқары кеңесиниң хаткери Али Шамхоний басшылық етти.
Өзбекстан ҳәм Иран арасында кейинги жылларда өз-ара исеним, ҳүрмет, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў ҳәм конструктивлик бирге ислесиў принциплери тийкарындағы қатнас жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисийдиң ҳәрекетлери нәтийжесинде мәмлекетлер аралық байланысты ҳәр тәрпелеме тереңлестириў ушын беккем тийкар жаратылғаны айрықша атап өтилди.
Тәреплер халықаралық терроризм ҳәм диний экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, наркотрафик ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тәрепдары екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.
Ушырасыўда Аўғанстандағы ҳәзирги жағдайда қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўдиң әмелий механизмин жетилистириў ҳәм регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Аўғанстанды регионаллық процесслерге тартыў ушын сиясий, саўда-экономикалық қураллардан нәтийжели пайдаланыў арқалы усы мәмлекетти қоллап-қуўатлаў зәрүрлигине итибар берилди.
Еки мәмлекет ўәкилликли уйымларының биргеликтеги ҳәрекетин муўапықластырыў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў менен байланыслы және еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша қоспа қарарлар ислеп шығыў ушын Өзбекстан ҳәм Иран Қәўипсизлик кеңеслери арасында мәсләҳәтлесиўлердиң турақлы механизмин жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Илаж даўамында қәўипсизлик тараўында Өзбекстан-Иран бирге ислесиўиниң көлемин буннан былай да кеңейтиў бойынша еки тәреплеме баслама ҳәм усыныслар алға қойылды. Биргеликтеги ҳәрекетлерди раўажландырыў пәтин буннан былай да жеделлестириў зәрүрлиги өз-ара мақулланды.
Мәжилис жуўмағында қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын Қәўипсизлик бойынша Өзбекстан-Иран комиссиясының биринши мәжилис протоколына қол қойылды.
Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,
ӨзАның хабаршысы