Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 10-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-апрельден баслап исбилерменлик жумысын жаңадан баслап атырған исбилермен ҳаял-қызларға ажыратылып атырған субсидия муғдары 7 миллион сумнан 10 миллион сумға арттырылады.

«Өнермент» ассоцациясы жанындағы өнерментшилик орайларында кеминде 40 процент исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер жайласытырылады. Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери арасында ҳаял-қызлардың үлеси 40 процентке шекем жеткериледи.

Ҳаял-қызларға өзиниң қыйтақ жерлеринде гүл ҳәм мийўе-овощ жетистириў ушын ыссыхана қурыў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм палҳәррешиликти жолға қойыў ушын 35 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

ӨзА