Ҳәзирги күнлерде Қарақлапақстан Республикасы Кегейли районында жасаўшы бир топар ҳаял-қызлар Әндижан ўәлаятында болып тур.
Қарақалпақстанлы мийманлар бир неше күн даўамында тақыя тоқыў, кестешилик, көрпе-төсек тигиў, миллий қуўыршақлар соғыў, гүлшилик ҳәм басқа да бир қатар бағдарлар бойынша әндижанлы өнерментлердиң жумыс тәжирийбелерин үйренеди. Улыўма, Әндижандағы дөретиўшилик жумыслары, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, өнермент ҳаяллардың жумысы менен жақыннан танысады.
Дәслеп мийманлар Әндижан қаласындағы мыңнан аслам апа-қарындасларымыз мийнет етип атырған «Dinar group» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик кәрханасында, сондай-ақ, «Бобур ХБК» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жанындағы 200 ден артық түрдеги жинси өнимлери таярланып атырған «Diromm» фабрикасында болып, өндирис процесслери, яғный, гезлемени бояўдан баслап, таяр өнимге шекемги процесслер, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.
Мийманлар Әндижан қаласының орайындағы З.М.Бабур атындағы ўәлаятлық мәлимлеме-китапхана орайында болды. Ҳәзирги күнде 93 мыңнан аслам атамадағы 876 мың нусхадан артық китап фондына ийе китапхана жумысы, китапқумарларға жаратылған шараятлар менен танысты, китапхана жәмәәти менен сөйлести. Китапхана администрациясы тәрепинен мийманларға китап топламлары саўға етилди.
Буннан кейин кегейлиши ҳаял-қызлар пуқараларды заманагөй кәсип-өнерлерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, сол тийкарда оларды турақлы дәрамат келтиретуғын кәсиплер ҳәм исбилерменлик жумысына тартыў мақсетинде шөлкемлестирилген Әндижан қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайында болды. Орайда алып барылып атырған жумыслар оларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Бир неше күн даўамында қарақалпақстанлы ҳаял-қызлар ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша әндижанлы өнерментлер ҳәм исбилерменлердиң жумыс тәжирийбелерин үйренеди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, мине усы бағдардағы жумысларды келешекте Кегейлиде жолға қойыў болып есапланады.
Қарақалпақстанлы мийманлар ушын бир қатар мәдений-кеўилашар илажлар да шөлкемлестирилмекте.
Ф.Убайдуллаев,
З.Умурзақов (сүўрет),
ӨзА