Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Иран Ислам Республикасы Миллий қәўипсизлик жоқары кеңесиниң хаткери Али Шамхоний басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан-Иран қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери көрип шығылды.
Ушырасыў алдында Али Шамхоний мәмлекетимиз басшысына Иран Президенти Иброҳим Раисийдиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан жетекшиси жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өз-ара саўда көлеми артпақта, еки мәмлекет жетекши кәрханалары ҳәм компанияларының санаат кооперациясы кеңеймекте. Өткен айда Тегеран қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес форум табыслы өткерилди. Және бир қатар әҳмийетли илажлар режелестирилген.
Ташкент қаласында болып өткен Қәўипсизлик бойынша қоспа комиссияның биринши мәжилисиниң әмелий нәтийжелери унамлы баҳаланды.
Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында шериклик жойбарлары ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, соның ишинде, қәўпи артып баратырған терроризм, экстремизм, трансмиллий жынаятшылық ҳәм наркотиклердиң нызамсыз айланысы қәўиплерине қарсы гүресиў мәселелеринде нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстанда пайда болып атырған жағдай ҳәм усы мәмлекеттеги гуманитар кризисти жеңип өтиўге зәрүр жәрдем көрсетиў илажлары бойынша пикир алысылды.
ӨзА