Бүгин, 9-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 220 ға шамалас атамадағы 1500 нан аслам жаңа көркем-әдебий китаплар пайдаланыўға тапсырылды.

Илажға Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, институт питкериўшиси болған Кеңесбай Кәримов, факультет деканларының орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар, мәлимлеме-ресурс орайының қәнигелери ҳәм студентлер қатнасты.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы тийкарында халқымыз арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, жасларды ғалабалық түрде китапқумарлыққа бағдарлаў бойынша мәмлекетлик сиясат дәрежесинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Өйткени, Президентимиз атап өткениндей, бүгин китап оқып атырған бала ертеңги күни телевизор көрип отырған он баланы басқарады.

Кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов илажға қатнасып отырған Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың быйылғы лауреаты болған институт студенти Еркинай Орынбаева ҳәм оның устазы, доцент София Тәжетдинованы қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырды. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Жазыўшылар аўқамы тәрепинен жазыўшы, шайырлардың китапларын баспаға таярлаў, жарық көриўине жәрдем бериў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған китаплар қатарына Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың, соның менен бирге, жазыўшының өз қәлеминен дөрелген шығармалары топланған жаңа китаплар институттың мәлимлеме-ресурс орайына саўға етилди.

Илажда пайдаланыўға тапсырылып атырған жаңа китаплар таныстырылып, олардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында пикир алысыўлар болып өтти.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул китаплар бүгинги күнниң жаслары тәрепинен оқылыўы зәрүр болған, белгили инсанлар, қәнигелер тәрепинен усыныс етилген ең жақсы китаплардан ибарат болып, оларды сатып алыў ушын институттың өз қаржылары есабынан 40 миллион сумға шамалас қаржы ажыратылды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.