Қарақалпақстан радиосына-90 жыл

(Белгили радиожурналист Сейдабулла Пиржановтыӊ еске түсириўлеринен)

1967-жылдыӊ жаз айлары еди. Ол ўақытлары радио еситтириў комиетиниӊ гүллән творчестволық хызметкерлери жай жетиспегенликтен, узынша кеткен бир бөлмеде отырып жумыс ислейтуғын еди. Бурыннан соӊға бул бөлмеге талай сапар келип, көзим үйренгенликтен бе, қәдимги үйреншикли қол алысыўды кирер есиктиӊ туўры қақ маӊлайында отырған Ғалым аға (ол радио еситтириў комитетиниӊ бас редакторы) менен сәлемлесиўден басладым. Қалған хызметкерлер де «ендиги аман-есенлик сорасыў бизлердики шығар» дегендей қарасып отыр. Рет пенен ҳәр қайсысыныӊ алдына барып сәлемлесип болып, Ғалым ағаныӊ қасына келдим де: «мине, Ғалым аға, хызметкерлериӊиз бенен де сәлемлесип болдым» дегендей күлим  шырай бердим. Ол да аманлық-есенлик сорасып келиўимди асығыслық пенен күтип отырғандай пишин билдирип:

-Жол болсын, иним, шамасы жақын арада оқыўды да питкересеӊ, ендиги мақсетиӊ қалай,-деди ол, сыншыл нәзер менен.

-Қәйдем аға, дипломыӊ қолға тийиўине қарап…-дедим мен де бирден ужыбатлы ҳеш нәрсе айта алмай.

-Қәйдеми сол, иним, егер қәлесеӊиз бирге ислессек…

-Мейли, жумыстыӊ рети болса…

Ғалым аға бирден мырс етип күлип жиберди. Шамасы ол, мениӊ сонша адамныӊ бир бөлмеде тығылысып отырғанына қарап «орын» ныӊ рети жоқ шығар деп ойлағаныма түсинсе керек.

-Ой-й, иним ай, еки адам қағысса бир адамға орын табылады,-деди ол, мениӊ садалық пенен берген жуўабыма тағы да күлим шырай берип.

Қулласы сол жылы жазда радио еситтириў комитетине жумысқа келдим.

Бир күни еситтириўди жазып алыў ушын машғул болып атырсам, белгили шайыр Жолдасбай аға Дилмуратов (ол радиода әдебият бөлимин басқаратуғын еди) кирип келди де:

-Иним, егер мүмкин болса ҳәзир Аббаз ағаныӊ даўысын жазып алсақ, «Баҳадыр»дан үзинди оқымақшы еди,-деди.

-Жүдә мақул, аға,-деди дәрҳал келисим берип. Соныӊ арасында Аббаз аға да кирип келди. Ҳәмме жуўырысыўымыз бенен барып қолынан алдық. Ол әсте-ақырын сақалын сыйпады да, жасы үлкен ғаррыларға тән аман-есенлик пенен сорасты. Буннан соӊ Жолдасбай аға оны студияға баслап алып кетти. Мен бурыннан соӊға Аббаз ағаныӊ «Баҳадыр»ын талай оқысам да оны қысса жолына салып айтқанын өз аўызынан еситетуғын болдым-аў» деп ишимнен қуўанып отырман. Арадан азғана ўақыт өтиўден-ақ Жолдасбай аға студиядан шығып келди де:

-Қутлымурат иним, (ол радио бойынша даўыс жазып алыў студиясыныӊ аға инженери еди) енди жазыўға таярлансаӊ болады,-деди.

Аббаз аға «Баҳадыр»дыӊ белгили бир бөлегин қысса жолына салып айта баслады. Бирақ, негедур он-онбес минуттан соӊ даўысы өз-өзинен тарғылланып пәсейгенлиги, қыссаханға тән көтериӊкилик жетиспегендей бола берди. Жазыў тоқтады. Студияға кирип шыққан Жолдасбай аға Аббаз ағаныӊ аўырыӊқырап жүргенлигин, ертеӊ болмаса соӊғы күнлери келип даўысын жаздырып кететуғынлығын хабарлады. Айтқанындай, бир-еки күннен кейин бул ис орынланды. Сонда, оныӊ жасы жетпислерге келип қалған еди. «Әттеген-ай, Аббаз ағаныӊ даўысы буннан он-он бес жыл бурын жазылып алынғанда ма, қандай жақсы болған болар еди» дедим ишимнен ойланып

Көп узамай ҳәптесине бир рет болатуғын радиолетучкада белгили шайырлар менен жазыўшылардыӊ сөзлерин пленкаға жазып алып, фондта сақлаў мәселеси сөз болып, Садық ағаныӊ, Тилеўберген ағаныӊ ҳәм басқа да көп ғана сөз шеберлериниӊ қосықлары арнаўлы түрде жазылып алынды. Бирақ, негедур Байнияз ағадан радиодан бир дүркин қосықларын оқып кетиў өтиниш етилгенинде «қосықлар фондқа алынып атырыптымыш» дегеннен руўхы түсип кетипти деп еситип күлистик. Бул былайынша қарағанда күлкилидей болып та туйылады, «фондқа алынасаӊ» деген сөз ҳеш кимге де редакция тәрепинен айтылмаған. Ал, Байнияз ағаға да буны дайылы-жийен ойнап айтса керек.

Бирақ, усыған қарамастан Жолдасбай аға бул ибратлы исти тоқтатпады. Мүмкиншилги болғанынша өзлерине сездирмей көп ғана шайырлардыӊ қосықларын өз даўыслары менен жазып алды. Мине, усыныӊ нәтийжесинде бир қанша талант ийелериниӊ (олардыӊ биразлары арамызда жоқ) қосықлары радионыӊ әдебий фондында елеге шекем сақланып киятыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги