«Ташкент» аэропортының жергиликли авиажөнелислер терминалында екинши А321nео NX ҳаўа кемесин салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Бул самолёт Евразия континенти бойлап дерлик толық жүк пенен пәрўазларды әмелге асырыўы мүмкин. Мәселен, Өзбекстан пайтахтынан бираз алыс болған Ташкент – Лондон, Ташкент – Сеул, Ташкент – Куала Лумпур сыяқлы жөнелислерде қатнаўды әмелге асырады.
Самолёттың максимал ушыў салмағы 97 тоннаны қурайды. Сондай-ақ, самолёт 23 мың килограмм коммерциялық жүклерди тасыў имканиятына ийе. Ҳаўа кемеси бортында 188 жолаўшы орынлықлары болып, олардан бизнес-класс – 16 ҳәм эконом класы 172 орынлықты қурайды.
Соны да атап өтиў керек, авиакомпания ҳаўа кемелери паркин унификациялаў «Uzbekistan Airways» АЖде трансформация процесслерин жеделлестириў бойынша «жол картасы» белгилеп берилген. Авиакомпания жаңа жөнелислерди ашыўды, Европа ҳәм Азия мәмлекетлерине алдын белгили болған жөнелислерди қайта тиклеўди режелестирмекте. Ҳаўа паркин жаңа А321nео LR ҳаўа кемелери менен толтырыў болса усы машқалаларды шешиўде жәрдем береди.
Еслетип өтемиз, усы жылдың 14-февраль күни «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы өзиниң авиапаркиндеги биринши Airbus A321 LR ҳаўа кемесин күтип алған еди. «Uzbekistan Airways» парки ҳәзирги ўақытта 26 жолаўшы ҳаўа кемесине, соның ишинде, 12 Airbus лайнерлерине (A320 – 9, A320neo – 3, A321LR – 2) ийе.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери заманагөй Airbus А321neo NX авиалайнериниң техникалық өзгешеликлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,
ӨзАның хабаршысы