Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум әзиз ҳәм қәдирли анажанлар!

Сүйикли апа-қарындаслар!

Дилбар қызларым!

Нәпеси ҳәм қуўанышы пүткиллей өзгеше болған бүгинги салтанатлы мәресимге қатнасып атырған сиз, гөззаллық дүньясының ўәкиллерин, пүткил елимиздиң ҳаял-қызларын Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен шын жүректен қутлықлайман. Бәршеңизге терең ҳүрмет-иззетимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Бәринен бурын, шаңарағыңыз ҳәм жақынларыңыздың бахтына, қалаберсе, ҳаял қәдирин көклерге көтерип жасайтуғын ел-журтымыздың бахтына аман-саў болыўыңызды, бәрқулла мине усындай гөззал бәҳәр кейпиятында жүриўиңизди тилеймен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Халқымыз әзелден Ана тымсалын, Ҳаялды Жаратқанның өзгеше инамы, теңсиз жаратылыс, деп биледи, оны ҳәмийше ардақлап, қәстерлеп жасайды. Ана журтымыздағы «Бийбиханым», «Қызбийби», «Мадарихан», «Қырққыз» комплекси сыяқлы теберик архитектуралық естеликлер де мине усындай жоқары итибардан дәрек береди.

Ҳәзирги ўақытта биз адамзат цивилизациясына умытылмас ҳәм шексиз үлес қосқан уллы бабаларымызды дүньяға келтирип, меҳир менен тәрбиялаған, оларды уллы ислерге рухландырып, сүйениш болған батыр аналарымыз бенен әлбетте мақтанамыз.

Мәлим болғанындай, ҳәр қандай жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қай дәрежеде халықшыл және әдалатлы екени оның ҳаял-қызларға болған мүнәсибети ҳәм ғамқорлығы менен белгиленеди.

Халқымызды разы етиўдей уллы мақсетке ерисиўде ҳаял-қызлардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмиийнлеў, олардың экономикалық, жәмийетлик ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды.

Усы жерде итибарыңызды айырым мысалларға қаратпақшыман.

«Ҳеш ким  меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды» деген ийгиликли принцип тийкарында, 2021-жыл  900 мыңға шамалас ҳаял-қызларға социаллық-экономикалық, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер көрсетилди. Бул мақсетлерге бюджеттен 2 триллион сум қаржы қаратылды. Атап айтқанда, 18 мың ҳаялға турақ жай сатып алыў ушын 400 миллиард сум жеңилликли кредитлер ажыратылды. Бағыўшысынан айрылған ҳаяллардың перзентлери ушын бақша қәрежетлерин бюджеттен қаплаў тәртиби енгизилди.

Және бир әҳмийетли цифрға итибар бериң. Тек ғана 2021-жылдың өзинде ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 триллион сумнан аслам кредит ҳәм субсидиялар ажыратылды. Нәтийжеде 320 мыңнан зыят апа-қарындасларымыз турақлы жумыс ҳәм дәраматқа ийе болды.

Мәмлекетимизде жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланған мәҳәлле ҳәм шаңарақ институтларын беккемлеў бойынша да итибарға ылайық жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, 2021-жылы жәрдемге мүтәж шаңарақларға тийисли 2 мыңнан аслам қызлар жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында қыбыл етилди, және сонша студент қызларға контракт пуллары төлеп берилди.

Ҳаял-қызлар билимлендириўине айрықша итибар берип атырғанымыздың нәтийжесинде өткен жылы жоқары оқыў орынларына қабыл етилген студентлердиң 60 процентин ҳаял-қызлар қурады.

Егер буннан алты жыл бурын жоқары оқыў орынларында 110 мың қыз билим алып атырған болса, бүгинги күнде олардың саны 400 мыңға жетти ямаса олардың үлеси 2016-жылдағы 38 проценттен ҳәзирги ўақытта дерлик 50 процентке жетти.

Бул нәтийжелер де усы бағдардағы реформаларымыздың әмелий көриниси, десем, сизлер де пикириме қосыласыз, деп ойлайман.

Ҳәр қандай халықтың жетиклик дәрежесин, бәринен бурын, ҳаял-қызлардың илимий-мәдений жетиклиги менен белгилеп бериўи, дана ҳәм оқымыслы аналар миллеттиң уллы келешегин жарататуғыны ҳәммемизге жақсы белгили. Сонлықтан данышпанлар:

«Бир қызды оқытсаңыз – пүткил шаңарақты оқытқан боласыз», деп бийкарға айтпаған.

Қызларымыздың заманагөй билимлер ҳәм кәсип-өнер ийеси болып, жәмийетте және өзиниң шаңарағында мүнәсип орын ийелеўи ушын баслаған ислеримизди буннан кейин де избе-из даўам еттиремиз. Бул бағдарда, бәринен бурын, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Ҳаял-қызлар тәлимин қоллап-қуўатлаўдың миллий бағдарламасын қабыл етемиз. Бул ҳүжжет көлеминде пайтхтта ҳаял-қызлар ушын өз алдына университет ҳәм орынларда оның техникумларын шөлкемлестиремиз. Барлық студент қызларға тәлим контрактларын төлеў ушын 7 жыл мүддетке процентсиз кредит бериў тәртиби енгизилди.

Бул жумысларымыздың логикалық даўамы сыпатында илимий изленис ҳәм ойлап табыўлары менен елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосып киятырған илимпаз ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жумысларын жаңа басқышқа көтеремиз.

Белгили болғанындай, бүгинги күнде апа-қарындасларымыз арасында онлаған академик ҳәм прфессорлар, илим докторлары ҳәм илим кандидатлары, жүзлеген қәбилетли излениўшилер бар. Илим менен шуғылланыў, илимий жаңалық жаратыў – бул ийне менен қудық қызыўдай ис.

Мен өзим усы тараўдан шыққаным ушын бул жумыстың қаншелли қыйын екенин жақсы билемен. Соның ушын да шаңарақ тәшўишлери ҳәм перзент тәрбиясын илимий-изертлеў менен бирге алып барып, бул бағдарда әмелий жетискенликлер менен нәтийжелерге ерисип атырған илим жолындағы ҳаял-қызларымызды жеке өзим ҳақыйқый ерлик ҳәм төзим ийелери деп билемен ҳәм жоқары қәдирлеймен.

Зийрек ҳәм билимли ҳаял-қызлардың илимге болған қызығыўшылығын ҳәм қуштарлығын арттырыў мақсетинде биз бир қанша әҳмийетли илажлар белгиледик. Соның ишинде, келеси оқыў жылынан баслап магистратурада оқып атырған барлық қызлардың контракт пулларын толық бюджеттен қаплап бериў ушын ҳәр жылы 200 миллиард сум қаржы қаратылады; докторантура бағдарында ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 ден мақсетли квота ажыратылады.

Бул жумысларды системалы түрде шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети жанында «Илимпаз ҳаяллар жәмийети» дүзиледи. Бул жәмийет мәмлекетимизде ҳәм сырт елде илим тараўында жоқары жетискенликлерге ерисип атырған ҳаял-қызларымызды бирлестирип, олардың интеллектуаллық қәбилети  турмысымыздың ҳәр бир қатламына кирип барыўында өзине тән пәрўаз майданына айланады.

Мийнеткеш илимпазлардың машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў, олар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў мақсетинде «Илимпаз ҳаял-қызлар жәмийети»не ҳәр жылы 50 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Улыўма алғанда, жоқарыда айтылған барлық мақсетлерге усы ҳәм келеси жыл ушын 1,8 триллион сум қаратылады.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Хабарыңыз бар, жақында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша өткерилген мәжилисте де бул бағдарда алдымызда турған ең әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәрепмеле додалап алдық. Усы тийкарда әҳмийетли пәрман ҳәм қараралар қабыл етилди.  Бул ўазыйпаларды системалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде Бас министрдиң орынбасары лаўазымы қайта тикленди және Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети дүзилди.

Республикадағы 9,5 мыңға шамалас мәҳәлле баслығының ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ бойынша орынбасарлары да комитет системасына өткерилди. Ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымы жаңадан енгизилди.

Бул арқалы апа-қарындасларымыздың машқалалары, дәрт-тәшўишлери менен турақлы шуғылланатуғын әдалатлы ҳәм нәтийжели система жаратылды.

Енди мәмлекетимизде ҳаял-қызларды социаллық қорғаў бойынша қатнаслар да түп тийкарынан қайта көрип шығылады. Соның ишинде, мүтәж ҳаял-қызларға зәрүр шараятлар жаратыў, олардың денсаўлығын тиклеў ҳәм қорғаў, әсиресе, аўыллық жерлерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың кәсип-өнер ийелеўине көмеклесиў, бәнтлигин тәмиийнлеў, исбилерменликке тартыў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылады.

Мәмлекетимизде исбилерменлик тараўында ислеп атырған ҳаял-қызлардың санын еле де көбейтиў мақсетинде «Бизнесмен ҳаяллар» бағдарламасы қабыл етилип, оның шеңберинде 8 триллион сум қаржы қаратылды. Сондай-ақ, усы жылы ипотекалық кредитлер бойынша берилетуғын субсидиялардың 40 проценти ҳаял-қызлар ушын ажыратылады. Бул мүтәж ҳаялларды 12 мың қолайлы  турақ жай менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Тарийхымызда алдын болмаған бундай кең көлемли жумыслардың орынланыўы ушын 15 триллион сум қаржы қаратылмақта.

Барлық аймақларымызда жәмийетшиликке, бәринен бурын, жасларға тәрбиялық тәсир көрсете алатуғын, абырай-мәртебели ҳаял-қызларды өз қатарында бирлестирген «Ақыллы ҳаял-қызлар» ҳәрекетин сизлер менен бирге дүзсек, бул ийгиликли ҳәрекет шын мәниде жәмийетимиздиң ҳаўазына, мәҳәллениң ҳүжданына айланады, деп ойлайман.

Сондай-ақ, мүлк түрине қарамастан, барлық мийнет жәмәәтлеринде ҳаял-қызлардың машқалаларына нәтийжели шешим табыў ушын «Ҳаял-қызлар кеңеслери» дүзилмекте.

Бир пикирди айрықша атап айтпақшыман, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселеси – бул тек ғана бүгинги күнимиз емес, ал ертеңги келешегимизди де белгилеп беретуғын шешиўши фактор болып табылады.

Егер биз меҳир-муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы,  үйлеримиздиң периштеси болған ҳаял-қызларға бир жақсылық етсек, әлбетте, бул он жақсылық болып қайтады. Дуўаға қол жайған мамаларымыз, әзийз аналарымыз ҳәм апа-қарындасларымыз бул  ҳүрмет-итибардың, әлбетте, қәдирине жетеди. Ҳаял қәдири, инсан қәдири улығланған елде болса, тынышлық ҳәм абаданлық, аўызбиршилик ҳәм берекет, әлбетте, мәңги болады.

Ҳүрметли байрам илажы қатнасыўшылары!

Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар мәмлекетимиздеги демократиялық процеслердиң, халықшыл реформалардың белсенди ҳәм инталы қатнасыўшысына айланып баратырғаны бәршемизди қуўандырады.

Биз республикамыздың басқарыў системасында, парламент ҳәм жергиликли кеңеслерде, ҳәр қыйлы тараўларда билимли ҳәм пидайы апа-қарындасларымыздың үлесин көбейтиўге айрықша әҳмийет қаратамыз. Олардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын буннан былай да күшейтиў еле де итибарымыз орайында болады.

Пурсаттан пайдаланып, ана Ўатанымыздың раўажланыў жолында пидәкерлик мийнет етип атырған сизлер сыяқлы мыңлаған жанкүйер ҳаял-қызларымыз, белсенди қызларымызға өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Соның менен бирге, бүгинги пайызлы илажға қатнасып атырған дипломат ханымларды – сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин шын жүректен қутлықлайман. Сизлерге өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы қатнасықларымыздың раўажланыўына  қосып атырған үлесиңиз ушын айрықша миннетдарман.

Әсиресе, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң Орайлық Азия мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Наталия Герман ханымды бүгинги байрамға қатнасып атырғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдиремиз. Бүгинги байрам менен усы мийманымызды да шын жүректен қутлықлап, регионымызда жақын қоңсышылық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы жуўапкерли жумысларын үлкен табыслар тилеймиз.

Әзиз апа-қарындаслар!

Биз жанажан Ўатанымызда Үшинши Реннесанстың тырнағын қалаўды өз алдымызға уллы мақсет етип қойғанбыз. Бул ийгиликли ҳәм мақтанышлы жолда ең дәслеп, шаңарақтың муқаддес қәдириятларға ҳәм ҳақыйқый устаз болған аналарымыздың терең руўхый дүньясына сүйенемиз.

Сонлықтан мен сизлерге мүрәжат етип айтпақшыман.

Биз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын жаңа тарийхый дәўирге қәдем тасладық.

«Перзентлеримиздиң қәлбине уллы мақсетлерди, жетик идеяларды сиңдириў – пүткил Өзбекстан аналарының мақтанышлы парызы болып табылады».

Жоқары пазийлетли, мәрт ҳәм ержүрек, ўатаншыл жас әўладты тәрбиялап камалға келтириў, әлбетте, сизлерге байланыслы. Бул – айдын келешекке қаратылған ең үлкен инвестиция ҳәм таўсылмас байлық болып табылады.

Усы жерде сабырлы ҳәм дилбар қызларымызға да кеўлимдеги бир пикирди айтпақшыман.

Бүгин биз еркин ҳәм ашық жәмийетте жасамақтамыз. Бул имканияттан дурыс пайдаланып, дәўир менен тең қәдем таслаўымыз, заманагөй илим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеп, алдыңғы раўажланыў жетискенликлерин өзлестириўимиз, соның менен бирге миллий өзлигимизге садық қалыўымыз керек. Сизлер ел-журтымыздың  әне усындай жоқары үмити ҳәм исенимине мүнәсип боласыз, деп исенемен.

Қәдирли ўатанласлар!

Ҳәр қыйлы тараўларда өзиниң қәбилетин көрсетип киятырған талантлы қызларымызды ҳәр жылы мине усы қутлы байрам алдынан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў жақсы дәстүрге айланған.

Бүгин Зульфияханымға мүнәсип избасар сыпатында тән алынып, сыйлықланғанлардың қатарында турған және 28 зийрек перзентлеримди көрип, қәлбим шексиз мақтанышқа ҳәм қуўанышқа толмақта. Сизлер сыяқлы жоқары мақсетлерге умтылыўшаң қызларымызды шын жүректен қутлықлап, үлгили жумысыңыз ҳәм жетекшилик пазыйлетлериңиз бенен заманласларыңызға өрнек боласызлар, деп исенемен.

Сондай-ақ, усы пайызлы демлерде көп жыллар даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасып, пидайы мийнети менен өзиниң тараўында үлкен табыслар ҳәм нәтийжелерге ерисип атырған бир топар ҳаял-қызларымызды жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаймыз.

Сизлердиң ҳәр бириңиз өз ғайратыңыз, ой-пикир ҳәм тәжирийбеңиз бенен Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўы ҳәм ана халқымыздың абаданлығы ушын шексиз хызмет етпектесиз.

Ел-журт итибарына ҳәм шексиз меҳрине ерискен ҳәр қандай адам өзин бахытлы сезиўге ҳақылы.

Усы мәниде, мәмлекеттиң жоқары сыйлықларына сазаўар болыў, бул бәринен бурын, халықтың нәзерине түсиў, оның пәтиясын алыў демек.

Бүгинги қуўанышлы әййямда сизлерге, әзиз апа-қарындасларымыз ҳәм дилбар қызларымызға әне усы сыйлықларды тапсырыў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Ҳүрметли апа-қарындаслар!

Сүйкимли қызларым!

Бәршеңизди және бир мәрте бүгинги бәҳәр, гөззаллық ҳәм нәзиклик байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Сизлерге дүньядағы ең  бийбаҳа байлық  – шаңарақлық бахыт-ығбал, тынышлық-татыўлық, ул-қызлардың ҳәм ақлықлардың қызығын көрип жүриў қуўанышы ҳәмийше яр болыўын тилеймен.

Ығбалыңыз бәлент, өмириңиз узақ, турмысыңыз абадан болсын!

Қәлбиңиз бәрқулла бәҳәрдей жайнап турсын!

Ҳәмийше саў-саламат болың!