Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасында 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Илажға бүгинги күни республикамыздың ғалаба хабар қуралларында мийнет етип атырған ҳаял-қызлар мирәт етилип, республикамызда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериўде журналистлердиң пидәкерлик мийнет айрықша атап өтилди. Байрам мүнәсибети менен оларға саўғалар тапсырылды.

Ушырасыўда журналист ҳаял-қызлар шығып сөйлеп, айрықша итибары ушын Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәтине минетдаршылық билдирди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги