Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети  менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында балық көлин рәсмийлестирип бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда, пуқара Х.Қ. «Ш» фермер хожалығына тийисли 200 гектар жер майданы ҳәм балық сақлаў көлин таныслары арқалы рәсмийлестирип бериў ушын 250 миллион сум пул талап еткен. Усы пулды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги