Шоманай районында да 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси өткерилди.

Онда район ҳәкими Б.Янгибаев ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлап, райондағы ҳаял-қызлардың денсаўлықты сақлаў, билимлендириў тараўларында, исбилерменликте ҳәм басқа да салаларда ерискен жетискенликлерин атап өтти.

Байрамға бағышланған илажда нураный апаларымызға, тараўларда үлгили хызмет етип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға байрам мүнәсибети менен ҳәкимлик тәрепинен ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы байрам саўғалары тапсырылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Шоманай районында 56981 адам жасап атырған болса, соның 49,8 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олар бүгинги күнде халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етип, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте ҳәм ҳаял-қызларымыздың жемисли мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен жоқары баҳаланып киятыр.

Fәрезсизлик жылларында райондағы ҳаял-қызлардан 2 ҳаял-қыз «Дўстлик» ордени, 12 ҳаял-қыз «Шуҳрат» медалы, 1 ҳаял-қыз «Өзбекстан Республикасы Халық муғаллими», 3 ҳаял-қыз «Өзбекстанда хызмет көрсеткен жаслар устазы», 1 ҳаял-қыз «II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени, 3 ҳаял-қыз «Меҳнат шуҳрати» ордени, 1 ҳаял-қыз «Фидокорона хизматлари учун» ордени, 1 ҳаял-қыз «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери», 1 ҳаял-қыз «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисиниң ийеси болды, ал 3 ана «Мутабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Бүгин «Мўътабар аёл» көкирек белгисин алғанлардың саны және биреўге көбейди. Өнермент Алтынай Наўбетова да байрам қарсаңында усы көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Байрам кешесинде мәденият бөлими хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги