Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-март күни видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда тармақ ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша усы жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша ҳүкимет тәрепинен көрилип атырған илажлар додаланды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың январь-февраль айларында 687 миллион доллар сырт ел инвестициясы, соның ишинде, 615 миллион доллар тиккелей инвестиция өзлестирилген. Жылдың басынан 506 жойбар шеңберинде улыўма баҳасы 337 миллион доллар болған қуўатлықлар иске қосылып, 7 мың жаңа жумыс орны жаратылған.

Өткен еки айда товар ҳәм хызметлер экспортының көлеми 1,7 миллиард доллардан артып, 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20 процентке артқан. Атап айтқанда, елимиз кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылып атырған қурылыс материалларының экспорты дерлик 2 есеге, электротехника өнимлериниң экспорты 1,5 есеге, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорты 1,3 есеге өскен.

Мәжилисте тармақлар ҳәм аймақлар басшыларына инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, товарларды экспортқа жеткериўде логистика мәселелерин жедел шешиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ишки тутыныў базарында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Усы жылдың еки айында инфляция дәрежеси 1,38 процентти қурағаны, бул 2021-жылдың усы дәўирдеги көрсеткиштен (1,7 процент) төмен екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта глобал базарлардағы баҳалардың кескин тербелиўин есапқа алып, жуўапкер уйымлар ҳәм аймақлар басшыларына ишки базарда баҳалардың турақлылығын сақлаў, бәринен бурын, халықты жетерли муғдарда азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент қыйтақ жер хожалықларын раўажландырыў ҳәм оларда ишки базарда талап жоқары болған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын халыққа қосымша 80 мың гектар жер майданларын ажыратыў бағдарындағы жумысларға сын көзқарастан баҳа берди.

Сондай-ақ, мийўе-овощ ушын ажыратылған 2 триллион сум мәмлекет қаржыларының нәтийжелилигин арттырыў, оларды өзлестириўди тезлестириў бойынша анық көрсетпелер берилди.

Аймақлардың басшыларына азық-аўқат базарына өнимлерди үзликсиз жеткериў, оның ушын зәрүр резервлерди қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА