Ҳаял-қызларға ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў, оларға ғамхорлық етиў миллий қәдириятларымыздың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Олар бийкарға жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсими – бәҳәрге теңлестирилмейди. Елимизде дилбар, ерк-ықрарлы, исбилермен, талантлы ҳаял-қызлар бәрқулла тән алынып, қәдирленеди.

Халықаралық конгресс орайында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған байрам илажы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳаял-қызларды қызғын қутлықлап, оларға жоқары ҳүрметин билдирди.

– Халқымыз әзел-әзелден Ана көринисин, Ҳаял затын, Жаратқанның уллы жемиси, теңсиз жаратылысы, деп биледи, оны ҳәмийше ардақлап-сақлап жасайды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәммемизге белгили, ҳәр қандай жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қай дәрежеде халықшыл және әдил екени оның ҳаял-қызларға болған мүнәсибети ҳәм ғамхорлығы менен белигиленеди. Елимизде халықты разы етиў мақсети жолында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге айрықша итибары қаратылмақта. Олардың оқыўы, жумыс ислеўи, саламатлығы, шаңарағы ушын шараятлар жақсыланбақта.

Бул мақсетлер Раўажланыў стратегиясының да әҳмийетли бағдарларынан бири. Усыған муўапық, 1-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызлар ушын және де кең имканиятлар белгиленди. Бул ўазыйпаларды системалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Бас министрдиң орынбасары лаўазымы қайта тикленди ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди.

Республикамыздағы 9,5 мыңға шамалас мәҳәлле баслығының ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ бойынша орынбасарлары да комитет системасына өткерилди. Ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымы қайтадан енгизилди. Бул арқалы, апа-қарындасларымыздың машқалалары, дәрт ҳәм тәшўишлери менен турақлы шуғылланатуғын әдил ҳәм нәтийжели система жаратылды.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Ҳаял-қызлар тәлимин қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасы қабыл етиледи.

Президентимиздиң басламасы менен жәмийетшиликке, бәринен бурын, жасларға тәрбиялық тәсир көрсете алатуғын, абырай-мәртебели ҳаял-қызларды өз қатарында бирлестирген «Ақыллы ҳаяллар» ҳәрекети шөлкемлеспекте. Сондай-ақ, барлық мийнет жәмәәтлеринде ҳаял-қызлардың машқалаларына нәтийжели шешим табыў ушын «Ҳаял-қызлар кеңеслери» дүзилмекте.

Исбилермен ҳаял-қызларды және де көбейтиў мақсетинде «Бизнесмен ҳаял-қызлар» бағдарламасы қабыл етилип, оның шеңберинде 8 триллион сум қаржы қаратылады.

Сондай-ақ, усы жылы ипотека кредитлери бойынша берилетуғын субсидиялардың 40 проценти ҳаял-қызлар ушын ажыратылады. Бул жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды 12 мың қолайлы турақ жай менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Тарийхымызда  алдын болмаған бундай кең көлемли жумыслардың орынланыўы ушын 15 триллион сум қаржы қаратылады.

– Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселеси – бул тек ғана ҳәзирги күнимиз емес, ал ертеңги келешегимизди де белгилеп беретуғын шешиўши фактор болып есапланады. Егер биз меҳир-мүриўбет ҳәм садықлық тымсалы, шаңарақларымыз периштеси болған ҳаялларға бир жақсылық етсек, әлбетте, он жақсылық болып қайтады,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз ҳаял-қызларға мүрәжат етип, оларды уллы жумысларға руўхландырды:

– Биз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме жоқарылатыў ушын, жаңа тарийхый дәўирге қәдем қойдық. Перзентлеримиздиң қәлбине уллы мақсетлер, уллы ийгиликли идеяларды сиңдириў – барлық Өзбекстан аналарының мақтанышлы миннети болып табылады. Жоқары пазыйлетли, мәрт ҳәм батыр, ўатаншыл жас әўладты тәрбиялап камалға келтириў, әлбетте, сизлерге байланыслы. Бул – айдын келешекке қаратылған ең үлкен инвестиция ҳәм таўсылмас байлық болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 5-марттағы пәрманына муўапық бир топар ҳаял-қызлар жоқары атақ, орден ҳәм медальлар менен, Президент қарарына муўапық болса жигирма сегиз қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған еди.

Байрам илажында мине усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

– Баршеңизди және бир мәрте бүгинги бәҳәр ҳәм жасарыў, гөзаллық ҳәм нәзиклик байрамы менен қызғын қутлықлайман. Сизлерге дүньядағы ең бийбаҳа байлық – шаңарақлық бахыт-ығбал, тынышлық-татыўлық, перзентлер ҳәм ақлықлар камалын көрип жүриў қуўанышы ҳәмийше яр болыўын тилеймен. Кеўлиңиз бәрқулла бүгинги бәҳәрдей жайнап турсын,-деди Президент.

Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген ҳаял-қызлар, ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери пайызлы дастурхан әтирапында байрамлады. Илажда сырт елли дипломат ҳаял-қызлар, халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының ўәкиллери де қатнасты.

Байрам салтанатлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

ӨзА