Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда сөзге шыққанлар елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге ҳүкиметлик дәрежеде итибар қаратылып, олардың оқыўы, жумыс ислеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, шаңарақларының абаданлығы ушын мүнәсип шараятлар жаратылып атырғанын атап өтти.

Ҳаял-қызларға көрсетилип атырған ғамқорлықлар ҳәм итибардың айқын көриниси сыпатында Раўажланыў стратегиясында белгилеп берилген усы бағдардағы мақсетлерди атап өтиў орынлы. Усы жылдың 1-март күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызлар ушын тарийхый жаңалықлар сыпатында баҳаланып атырған шараятлар, имканиятлар белгилеп берилди. Усы тийкарда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Ҳаял-қызлар билимлендириўин қоллап-қуўатлаў бағдарламасы қабыл етилди.

Бағдарлама шеңберинде ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың үлеси төмен болған анық пәнлер, техника ҳәм ҳуқықтаныў бағдарларындағы ЖООларда ҳаял-қызлардан ибарат студентлер үлеси ҳәзирги 24 проценттен 40 процентке шекем жеткерилиўи, буның ушын ҳәр жылы ҳаял-қызлардың студент болыўына квотаның кеминде 50 проценти анық пәнлер, техника ҳәм ҳуқықтаныў бағдарлары ушын мақсетли ажыратылатуғынлығы белгиленди.

Жаңа оқыў жылынан баслап ЖОО, техникум ҳәм колледжлерде оқып атырған қызларға тәлим контрактларын төлеў ушын, биринши мәрте, 7 жыллық мүддетке процентсиз кредит бериў енгизилетуғын болды.

Соның менен бирге, жаңа оқыў жылынан баслап магистратурада оқып атырған қызлардың контракт пуллары толық бюджеттен қаплап берилип, ҳәр жылы 50 қыз абыройлы сырт ел ЖООларына бакалавр ҳәм 10 қыз магистратураға оқыўға жибериледи. Жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, ата ямаса анасынан айрылған 150 қыздың тәлим контракты жергиликли бюджеттен қаплап бериледи. Жас перзенти болған студент-қызларға аралықтан оқыўға шараят жаратылады ҳәм докторантура бағдарында ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы кеминде 300 ден мақсетли квота ажыратылады.

Усындай имканиятлардан толық пайдаланған бүгинги жасларымыз арасынан жоқары дәрежели Мәмлекетлик сыйлықлардың лауреатлары, халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлардың жеңимпазлары жетилисип шықпақта.

Әсиресе, байрам қарсаңында Педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти Орынбаева Еркинай Қуўанышбай қызының Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болғаны институт жәмәәти ҳәм халқымыз ушын хош хабар болды.

Байрам илажында усындай жоқары нәтийжелерге ерисип атырған студентлерге тәлим-тәрбия берип атырған, илимий-педагогикалық жумысларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған ҳаял-қызлардан ибарат бөлим баслықлары ҳәм хызметкерлери, факультет деканлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, студент-қызларға байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Байрам илажы институттың талантлы жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.