Ҳүрметли ўатанласлар!

Жер жүзинде барлық ислам үммети қатары мийрим-шәпәәт, жақсылық ҳәм сақаўат белгиси – мүбәрек Қурбан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен қарсы алып атырған сиз, әзизлерди, барлық елимиз мусылманларын, пүткил халқымызды бул уллы байрам менен қызғын қутлықлап, өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Кеўиллеримиз қуўанышқа толған мине усындай қутлы мәўритлерде елимиз бенен бирге Қурбан ҳайытына аман-есен жеткергени ушын Жаратқанға шексиз шүкиршилик айтамыз.

Ҳәзирги ўақытта бул муқаддес байрамның мазмун-мәнисинде жәмленген тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў, инсаныйлық идеялары бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларымыз, үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларымызға үнлес екенин сезип, кеўиллеримиз және де қуўанышқа толмақта.

Елимиздеги ҳәр бир мәҳәлле, қала ҳәм аўылдағы тынышлық ҳәм абатлық, жәмийетимиздеги өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик орталығын беккемлеўде Қурбан ҳайыт сыяқлы әзелий байрам ҳәм қәдириятларымыздың орны ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта.

Пурсаттан пайдаланып, өзиниң пидәкерлик ҳәм адамгершилик мийнети менен турмысымызды және де еркин ҳәм абат етиў, инсан қәдирин улығлаў сыяқлы ийгиликли жумысларға мүнәсип үлес қосып атырған барлық әзиз ўатанласларымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли дослар!

Кейинги жылларда елимизде миллий ҳәм диний қәдириятларымызды раўажландырыў, ҳүждан ҳәм дин еркинлигин тәмийинлеў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны бәршеңизге жақсы белгили.

Атап айтқанда, мөмин-мусылманларымыз ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар себепли мине усы Қурбан ҳайыты күнлеринде 15 мың ўатанласымыз муқаддес Меккеде ҳаж зыяратын орынламақта.

Олардың бәршесин бүгинги уллы байрам менен қутлықлап, Ўатанымыздың раўажланыўы, елимиз тынышлығы ҳәм абаданлығы, шаңарақларымыз, перзентлеримиздиң бахыт-ығбалын тилеп атырған тилеклериниң қабыл болыўын Алла тааладан сорап қаламыз.

Сөзсиз, көп миллетли ҳәм көп конфессиялы халқымыздың ийгиликли арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, гөззал елимизди бирден-бир Ўатан деп билетуғын барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға биз буннан былай да айрықша әҳмийет қаратамыз.

Исенимим кәмил, бәршемиз биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен Жаңа Өзбекстанды, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир пуқарамыз тыныш-парахат, еркин ҳәм абат жасайтуғын, түп мәнисиндеги дослық ҳәм кеңпейиллик диярына айландырамыз.

Мине усы нурлы демлерде дүньяның алысын-жақын аймақлардағы барлық мөмин-мусылманларға қызғын қутлықлаўымды жоллап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Кейинги жылларда қәлиплескен жақсы дәстүримизге муўапық, Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен усы жылы да бир неше күннен ибарат дем алыс күнлери белгиленди.

Бул шаңарақларымызға, турмысымызға Ийд ал-адҳаның жақсылық нуры, ҳақыйқый байрам кейпиятын алып кириўге хызмет етеди, деп исенемен.

Муқаддес орынлар, уллы ата-бабаларымыздың зыярат етиў орынларын зыяратлаў, қәдирли ата-аналарымыз, туўысқанларымыз, дос-яранларымыздан, жәрдемге мүтәжлардың халынан хабар алыў, елимиз бойлап саяхатларды әмелге асырыў ушын бул – және бир қолайлы имканият, десек, дурыс болады.

Сиз әзиз ўатанласларымды, пүткил халқымызды Қурбан ҳайыты пенен және бир мәрте қутлықлайман, байрамды шаңарақ, дослар ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймен.

Илайым, барлық пәк нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз бәрқулла аман болсын!

Барлық ийгиликли ислеримизде Жаратқанның өзи қоллап-қуўатласын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти