Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) ағза болыўы бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, бул процессти жеделлестириў мақсетинде көп тәреплеме ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлер даўам еттирилмекте.

Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша жумысшы топардың 7-мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте товарлар ҳәм хызметлер саўдасы, инвестиция, бажыхана, техникалық жақтан тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық, интеллектуаллық мүлк ҳуқықлары ҳәм басқа да тараўлар додаланды.

Усы орында атап өтиў керек, миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлери ҳәм қағыйдаларына сәйкеслестириў ЖСШға ағзалық мәселелерин жеделлестириўдиң тийкарғы буўыны есапланады.

Соған муўапық, илажда әдиллик министриниң орынбасары Алишер Каримов жумысшы топардың 6-мәжилисинен кейин әмелге асырылған нызамшылықтағы өзгерислер, миллий нызамшылықты ЖСШның келисимлерине үнелстириў бойынша ислеп шығылған жойбарлар ҳәм жаңа илажлар ҳаққында презентация етилди.

Сондай-ақ, миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлерине үнлестириў бойынша жаңа илажларды өз ишине алған жаңаланған нызамшылық ҳәрекетлериниң режеси, қабыл етилген ҳүжжетлер ҳәм ислеп шығылған жойбарлардың аўдармалары ЖСШ секретариатына усынылды.

Жумысшы топар мәжилисиниң қатнасыўшылары нызамшылық ҳәрекетлер режесин әмелге асырыўдағы сезилерли табысын жоқары баҳалады. Нызамшылықты муўапықластырыў бойынша жумыслардың даўам еттирилетуғыны мәлим етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА