Кегейли районында Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының әҳмийетин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде «Жаңа Конституция-халық–дәртине қулақ салыўшы мәмлекет тийкары» сүрени менен үгит-нәсият илажлары болып өтти.

Районның 11-санлы Балалар ҳәм музыка мектеби, Нурлы бостан мәҳәллеси, 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, “AQTUBA TEXTIL GROUP” тигиўшилик кәрханасы, “Заҳириддин Муҳаммад Бабур” атындағы китапханаларда болып өткен илажларда белсенди ҳаял-қызлар, депутатлар, мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, нураныйлар, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.





Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, Республикалық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў институты директорының орынбасары, педагогика илимлериниң докторы, профессор О.Мусурманова, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлик интитуты миллий изертлеў университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы З.Исмоилова, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы М.Абдужаббарова, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы бөлим баслығы,  полковник Д.Худайберганова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас ҳуқық мәсләҳәтшиси И.Кутлымуратов, Өзбекстан Республикасы үгит-нәсият топары басшысы У.Исмоиловлар шығып сөйлеп, елимизде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың әҳмийети бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди. Соның ишинде, шаңарақлардың абаданлығын ҳәм бекккемлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген үйлерди қоллап-қуўатлаў, кәсип-өнерге үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлерге жаратылып атырған жеңилликлер, оларды илим-билимге тартыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.




Илажда Кегейли районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенова,  “Мўътабар аёл” көкирек белгиси ийелери Г.Тлеумуратова, А.Алланиязова, исбилермен З.Даўлетбаева, депутатлардан Н.Аметова, М.Шолтаева, аймақ турғыны Г.Қалимбетовалар да шығып сөйлеп, елимздеги тынышлық, халықлар арасындағы аўызбиршилик ҳәм татыўлық ҳаққында айтып, 30-апрельде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша  Конституциялық нызам бойынша референдумда белсендилик пенен қатнасатуғынларын атап өтти.

Сондай-ақ, илаж даўамында Абат мәкан МПЖ аймағында жасаўшы Н.Садирбаева, Нурлы бостан МПЖда бийпул үй менен тәмийинленген жас О.Реймовтың үйлеринен хабар алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы