Ҳүрметли Президентимиздиң «Парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы, реформалардың басламашысы ҳәм тийкарғы орынлаўшысы болыўы керек» атамасындағы баянатында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы  мәмлекетлик басқарыў академиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, республикамыздағы сиясий партиялар менен биргеликте усы жыл 30-октябрьден 4-ноябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасындағы сиясий партиялар шөлкемлери хызметкерлерин ҳәм аймақлық Кеңес депутатларының қәнигелигин асырыў бойынша арнаўлы оқытыў курсын шөлкемлестирди.

30-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жергиликли Кеңеслердиң депутатларының билимлерин жетилистириў бойынша шөлкемлестирилген оқыў курсына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал-Демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Өзбекистан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинен сайланған депутатлар ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев, Өзбекистан Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги