МУҲИМ ХАБАР: Тахиатошдан 2000 йиллик қадимий қалъа топилди

археолог Ғайратдин Хожаниязов шакиртлери менен

Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районы аймағынан 2000 жыллық тарийхқа ийе Қушан империясы дәўирине тийисли қала қалдықлары табылды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде белгили археолог илимпаз, Өзбекстан Қаҳарманы Fайратдин Хожаниязов басшылығында ўақтыншалық археологиялық жумыслар алып барылмақта.

         – Усы жылдың басында, анығырақ айтқанда, 4-январь күни Тақыятас районы хәкимлигинен район аймағының ески ыдыслар табылғанлығы ҳаққында қоңыраў етип айтты, – дейди археолог F.Хожаниязов. Сол күни табылған гүзелерди маған алып келип көрсетти. Ертесине усы аймақты келип көзден өткердик. Ҳақыйқатында да бул жерде ески тарийх излери белгили болып турған екен.

Қарақалпақстанда шын мәнисте археология жумыслары өткен әсрдиң 36-37- жыллары басланған болса, усы күнге шекем Тақыятас районы ҳеш бир археологтың нәзерине түспеген. Себеби бул жерде көзге көринип турған дийўаллар яки қала қалдықлары жоқ еди. Мине, биз район хәкиминиң илтимасына көре бул жерде ўақтыншалық археологиялық жумысларын алып бардық ҳәм бул жерден жасы 1800-2000 жылларға барып тақалатуғын тарийхий естеликлерди таптық.

Тақыятас районының «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан табылған әййемги қала жергиликли халқты да бийпарық қалдырмады. Ол жерден табылған естеликлер районның халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң музейине тапсырылмақта.

1.jpg

Бул музей 2010-жыл мектептиң тарийх пәни оқытыўшысы Аралбай Нуржановтың басламасы ҳәм директоры Гүлшат Изтилеўованың қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде бул жерде 1500 ден артық экспонат сақланбақта. Ықшам музейде табылмалардан тысқары ески миллий кийимлер, тағыншақлар, мийнет қураллары менен танысыўға болады.

– Жапты қазып атырған экскаватордың тисине илинип шыққан гүзе қалдықларын көрип, менде бул жерде ески қала барлығына гүманым қалмады, – дейди «Кенегес» АПЖда жасаўшы Валерий Молдабаев. – Мениң балалығым усы жерде өткен. 12-13  жасымда жер жүзине шығып турған дийўалларды көретуғын едим. Сол ўақыттан баслап тарийхқа қызыққанман. Орыс жазыўшысы Василий Янның тарийхий романларын оқып, бул жерде суў астында қалған қала барлығын болжайтуғын едим, өзимше. Мине мениң болжамларым илимий тастыйығын таўмақта. Мен буннан жүдә қуўанышлыман.

Валерий Молдабаев

– Экскаватор тислерине илинип шыққан гүзе сынықларын музейге тапсырғанда биринши мәрте таңланғанымды жасыра алмадым. Гүзелерде әжайып майда нағыслар бар еди, – дейди А.Нуржанов.- Кейин усы жерди және қаздық ҳәм жақсы сақланған пүтин гүзе таптық. Ҳәзирги күнде табылған затлар шифрлаў ушын Илимлер академиясына алып кетилди.

Аралбай Нуржанов мектеп музейинде табылмаларды козден кеширмекте

Аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы егислик майданларында, әсиресе тазаланған жаплардың бойларында қәлеген адам эрамыздың басларыннан ХII-XIV- әсирлерге шекемги болған дәўирге тийисли гүлалшылық ыдыслардың қалдықларын ушыратыўы мүмкин. Бирақ усы аймақлардың көпшилиги салы майданларына айландырылып жиберилген.

– Орта әсирдеги араб жазба дәреклеринде Миздақхан (Ҳәзирги күнде Хожели районы орайы) өзиниң аймағы ҳәм халқының саны бойынша Қыят ҳәм Гүрганждан (Ески Үргениш) сонғы Қубла Арал бойындағы үшинши қала екенлиги атап өтиледи. Миздақхан аймағында 1200 аўыл-қала болған, – дейди F.Хожанизов – Бизиңше, солардың бири ҳәзирги Тақыятас районы аймағында болған болса керек. Неге десең, Тақыятас қаласы әййемги қала қурылысына ийе болған аймақта қурылған. Оған 2000-жылы қала аймағынан табылған (Кетпенши баба мазары) эрамыздың II-IV, VII-IX, X-XIV әсирлерине тийисли буйымлар мысал бола алады. 2012-жыл таў басындағы Кетпенши-2 мазары қасынан орта әсирлерге тийисли минар қалдықлары да анықланған еди.

Тарийхий дәреклерден орта әсирлердеги халықаралық кәрўан жолының бир бөлеги Бухара – Варахша – Қызылқум – Шорахан (Төрткүл) – Қыят (Шаббаз-Беруний) – Нузкат – Вайхан – Нуқбағ – Миздақхан (Хожели) – Гурганж (Ески Үргениш) бағдарында үлкемиз аймағынан өткени белгили. Бизиң пикиримизше, Нуқбағ (Таза бағ) Тақыятас районы аймағына туўры келиўи мүмкин. Әлбетте, буны еле ўақыт көрсетеди.

Әййемги сырларды әсирлер бойлап қойнында сақлап келген Тақыятаста арнаўлы археологиялық әмелиятлар келеси жылларда қайта даўам етеди.

Еслетип өтемиз Тақыятас районы аймағынан XII-XIII әсирлерге тийисли буйымлар қалдығы табылғанлығы ҳаққында алдынлары да сайтымыз арқалы хабар берген едик. Енди Тақыятастың жасы тек ғана 1000 жыллықлар менен емес, бәлким 2000 жыл ҳәм оннан да көплеў ўақытлар менен өлшенеди.

 

Есимқан Қанаатов

Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры