Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жылларда мәмлекетимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың ҳәр қыйлы түрлерин, соның ишинде, регбиди буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.
Ҳәзирги ўақытта регби республикамызда жеделлик пенен раўажланып атырған спорт түрлеринен бири есапланады. Өзбекстан регби федерациясы және оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм жумыс алып бармақта, регби бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы абырайлы халықаралық жарысларда («Asian Olympic Pre-Qualifier», «Asian 7’s») белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте, бул команда Азия регионындағы мәмлекетлер арасында күшли сегизликке киреди.
Соның менен бирге, материаллық-техникалық база ҳәм инфраструктураның жетерли емеслиги, регби бойынша қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың үйлесимли системасы жаратылмағанлығы тараўдың және де раўажланыўына ҳәм Өзбекстан миллий сайланды командасының абырайлы халықаралық жарысларда мүнәсип түрде қатнасыўын тәмийинлеўге тосқынлық етпекте.
Регбиди және де раўажландырыў, оны республика халқының кең қатламлары арасында белсене үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, жоқары сападағы оқыў-шынығыў процесин тәмийинлеў, регбишилер, тренерлер ҳәм төрешилердиң шеберлигин ҳәм қәнигелигин турақлы түрде арттырып барыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, сондай-ақ, регбиши спортшыларды таярлаў ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпияда комитети ҳәм Өзбекстан регби федерациясының төмендеги усыныслары мақуллансын:
а) ҳәр бир қәнигелестирилген олимпияда резервлери мектеп-интернатларында регби бөлимлерин ашыў;
б) балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине жумысқа қабыл етилип атырған регби бойынша тренерлердиң кандидатураларын Өзбекстан регби федерациясы менен мәжбүрий келисиў тәртибин енгизиў;
в) төмендегилерди нәзерде тутатуғын регби бойынша спорт жарысларын өткериўдиң төрт басқышлы системасын енгизиў:
биринши басқышта – спорт клублары, секциялары командалары арасындағы спорт жарыслары (чемпионат, бириншилик, кубок);
екинши басқышта – спорт клублары, секциялары арасындағы жарысларда жеңимпаз болған командалар арасында районлық (қалалық) спорт жарыслары (чемпионат, бириншилик, кубок);
үшинши басқышта – районлық (қалалық) спорт жарысларында жеңимпаз болған командалар арасында аймақлық спорт жарыслары (чемпионат, бириншилик, кубок);
төртинши басқышта – аймақлық спорт жарысларында жеңимпаз болған командалар арасында республикалық спорт жарыслары (чемпионат, бириншилик, кубок);
- 2019-2022-жылларда респуубликада регбиди және де раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламасы) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Илажлар бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде төмендеги әҳмийетли бағдарлар ҳәм ўазыйпалар белгиленсин:
қәбилетли спортшы жасларды сайлап алыў (селекция жумыслары) жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оқыў-шынығыў процесин сапалы шөлкемлестириў;
регбиди ғалаба ен жайдырыў, жасларды спорт клубларына, секцияларға ҳәм дөгереклерге белсене тартыў, олардан кеңнен пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў;
тренерлер, төрешилер ҳәм регби бойынша басқа да қәнигелерди таярлаў системасын жетилистириў;
регби бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының абырайлы халықаралық жарысларда қатнасыўы ушын сапалы ҳәм нәтийжели таярлығын тәмийинлеў;
халықаралық жарыслардың жеңимпазларын ҳәм сыйлы орын ийелерин хошаметлеў, сондай-ақ, тренерлер, төрешилер ҳәм регби бойынша басқа да қәнигелерди социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў;
регбидиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм инфраструктурасын жетилистириў.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жуўапкершилигине төмендеги ўазыйпаларды шешиў жүкленсин:
аймақлық регби федерацияларының финанслық, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлесиў;
тийисли аймақлардың басшы кадрлары арасынан талабанларды аймақлық регби федерацияларының баслығы лаўазымына усыныў;
тийисли аймақта профессионал регбидиң раўажланыўы ушын зәрүрли шараятлардың жаратылыўын тәмийинлеў, ең кеминде бир профессонал регби клубын шөлкемлестириў, регби шынығыўларын өткериў ушын стадионлар, сондай-ақ, тийисли аймақлық регби федерацияларын жайластырыў ушын имаратларды ажыратыў.
- Өзбекстан регби федерациясының жумысын ҳәм оның жуўапкершилигине жүклетилген ўазыйпаларды әмелге асырыўды қаржыландырыў дәреклери төмендегилер екени мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң Спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажларының республикалық календарь режесинде нәзерде тутылатуғын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар;
Өзбекстан Миллий олимпияда комитетиниң қаржылары;
қәўендерлердиң қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар.
- Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң спорт клублары стадионларында турақлы түрде регби бойынша оқыў-шынығыўлар ҳәм жарысларды өткериў ушын шараятлардың жаратылып берилиўин бийғәрез тийкарда тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-марттағы ПП-5368-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Олимпияда спорт түрлерин 2018-2021-жылларда кейин ала раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў комплексли илажлары бағдарламасының 21-бәнтине муўапық Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы Чорвоқ аўылында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары тәрепинен оқыў-шынығыў процесин өткериў ушын Өзбекстан регби федерациясының спорт базасын қурыў нәзерде тутылғанлығы;
спорт базасын сақлаў ҳәм зәрүрли үскенелер менен тәмийинлеў Өзбекстан регби федерациясының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы Чорвоқ аўылында Өзбекстан регби федерациясы спорт базасының қурылысын 2020-жылға мөлшерленген денетәрбия ҳәм спорт объектлерин қурыў, реконструкциядан шығарыў ҳәм капитал оңлаў мәнзилли бағдарламасына киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан регби федерациясы, оның аймақлық бөлимлери, профессионал регби клублары белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық алып келинетуғын, регби бойынша спорт объектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын зәрүр болған, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт үскенелери, инвентарьлар ҳәм арнаўлы профессионал спорт үскенелери ушын 2023-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы және бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020/2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетинде және Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде регби бойынша қәнигелерди таярлайтуғын бағдарларды ашыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги усы бәнтти әмелге асырыў бойынша илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан регби федерациясы менен биргеликте:
мәмлекетимизде регбиди раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, пуқаралардың усы спорт түрине болған қызығыўшылығын қәлиплестириў илажларының көрилиўин;
балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң заманагөй халықаралық талапларға жуўап беретуғын спорт үскенелери ҳәм инвентарьлар, регби ушын спорт кийимлери ҳәм аяқ кийимлери менен тәмийинлениўин;
регби инфраструктурасы раўажланған мәмлекетлерде оқыў-шынығыў жыйынларының шөлкемлестирилиўин;
қәнигелестирилген олимпияда резервлери мектеп-интернатларында регби бөлимлерин ашыў ушын зәрүрли шараятлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан регби федерациясының буйыртпаларына муўапық тартылатуғын сырт елли қәнигелерге кириў визаларының консуллық ҳәм басқа да жыйымлардың өндирилмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекстан регби федерациясының буйыртпаларына муўапық тартылатуғын сырт елли қәнигелерге мәмлекетлик бажыны өндиримей көп мәртелик визаларды бериў ҳәм оларды созыў және ўақтынша жасаў орнында ўақтынша дизимге алыўды рәсмийлестириў ҳәм оны созыўды белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан регби федерациясының буйыртпаларына муўапық сырт елли қәнигелерди Өзбекстан Республикасына тартыў ушын рухсатнамалардың берилиўин (мүддетиниң созылыўын), сондай-ақ, усы сырт елли пуқараларға Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс алып барыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң орнатылған төлемлердиң өндирилмей берилиўин (мүддетиниң созылыўын) белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында регбидиң раўажланыўын, регби командаларының, тренерлер ҳәм регби бойынша басқа да қәнигелердиң жумысын турақлы түрде ҳәм кеңнен сәўлелендирип барыў және регби бойынша рәсмий жарыслардың өткерилиўин үгит-нәсиятлаў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 29-октябрь
ӨзА