Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Қурылыс тараўында реформаларды және де тереңлестириў, бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў, инновациалық идеялар, қолланбалар ҳәм алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, қурылыстың барлық басқышларында ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) төмендеги шәртлер орынланған жағдайда Өзбекстан Республикасы аймағында 2028-жыл 31-декабрьге шекем қала қурылысы жумысы тараўында техникалық жақтан тәртипке салыўға байланыслы миллий нормативлик ҳүжжетлер менен бир ўақытта, соның ишинде, жойбар ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў басқышында 1-қосымшада келтирилген сырт ел нормативлик ҳүжжетлери қолланылыўына руқсат етиледи:
жергиликли жойбарлаў-излеў шөлкемлерин тартқан ҳәм миллий нормативлик ҳүжжетлерге сәйкес келмейтуғын бөлимлер ушын компенсациялаўшы илажларды тәмийинлеў бойынша арнаўлы техникалық шәртлерди ислеп шыққан ҳалда, сырт ел нормативлик ҳүжжетлер тийкарында ислеп шығылған жойбар ҳүжжетлериниң сәйкеслендирилиўи;
зәрүр жағдайларда сәйкеслендирилген жойбар ҳүжжетлерин көрип шығыў ушын ўәкилликли уйым тәрепинен тартылған еркин сырт ел қәнигелери ҳәм консультантларының хызметлери ушын төлем қәрежетлери, усы ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелерине қарамастан, буйыртпашы (инвестор) тәрепинен қапланыўы;
б) 2020-жыл 1-июльден:
салық ҳәм статистика есабатларының мағлыўматлары (жумыс тәжирийбеси, хызметкерлер, соның ишинде, маман қәнигелердиң саны, тийкарғы қураллардың көлеми, алынған дәраматлар ҳәм төленген салықлар, мийнет хақы төлеў фонды ҳәм басқа да нормалар) тийкарында автоматикалық тәризде қәлиплесетуғын жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң электрон рейтинги енгизиледи;
в) 2020-жыл 1-сентябрьден:
салық ҳәм статистика есабатлары мағлыўматлары (жумыс тәжирийбеси, хызметкерлер, соның ишинде, маман қәнигелердиң саны, тийкарғы қураллардың көлеми, алынған дәраматлар ҳәм төленген салықлар, мийнет хақы төлеў фонды ҳәм басқа да нормалар), сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының мағлыўматлары (қурылысы питкен объектлердиң көлеми, қала қурылысы нызамшылығын бузыў жағдайларын сапластырыў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелердиң барлығы ҳәм олардың орынланыўы ҳәм басқа да нормалар) тийкарында қурылыс жумысларының көлемлери ҳәм объектлерге муўапық дифференцияластырылған ҳалда автоматикалық тәризде қәлиплестирилетуғын қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлериниң электрон рейтинги енгизиледи;
г) 2021-жыл 1-январьдан:
қурылыс тараўындағы мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде сатып алыў тәртип-қағыйдалары, жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлериниң сатып алыў тәртип-қағыйдаларында белгиленген маманлық талапларына муўапықлылығын баҳалаўда олардың электрон рейтинги мағлыўматларынан пайдаланыў ҳәм басқа да электрон системалар менен интеграциялаў имканиятын есапқа алған ҳалда, электрон түрде онлайн режиминде әмелге асырылады;
қурылыс тараўында өткерилетуғын мәмлекетлик сатып алыўларда электрон рейтинглерге киргизилген ҳәм тийисли нормалар (жумыс тәжирийбеси, финанслық турақлылығы, штатында маман хызметкерлердиң барлығы ҳәм басқа да нормалар) бойынша унамлы көрсеткишлерге ийе болған жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс – бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң қатнасыўына жол қойылады;
мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў ушын руқсат бериўде электрон рейтинглерге киргизилген ҳәм тийисли нормалар бойынша унамлы көрсеткишлерге ийе болған жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеў шөлкемлериниң дәслепки маманлық баҳалаўын өтиўи, сондай-ақ, таңлаў (тендер) ҳүжжетлериниң улыўмалық ҳәм техникалық бөлимлерин усыныўы талап етилмейди;
мәмлекетлик буйырпашылар ҳәм мәмлекетлик сатып алыў субъектлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылған объектлердиң жойбар ҳүжжетлери комплексли экспертиза өткериў ушын белгиленген мүддетлерде энрегия нәтийжелилиги талапларына муўапықлылығы бойынша мәжбүрий тәртипте экспертизадан өткерилиўи шәрт;
қурылыс тараўындағы мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде сатып алыў тәртип-қағыйдаларында жеңимпаз деп табылған жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлер жумыслар (хызметлер) баҳасының кеминде отыз процентин өз күши менен орынлаўы бойынща талап енгизиледи.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Ташкент қаласында жеке меншик исбилерменлик субъектлерин буйыртпашы функциясын орынлаўға тартыў бойынша эксперимент (кейинги орынларда -эксперимент) өткериў ҳаққындағы төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысына келисим берилсин:
Ташкент қаласында 2021-2022-жылларда жойбарластырылыўы ҳәм қурылысы режелестирилген 10 қурылыс объектин сайлап алыў;
ең жақсы усынысларды таңлап алыў нәтийжелерине бола жеке исбилерменлик субъектлери менен инжиниринг хызметлерин көрсетиў (соның ишинде, техникалық қадағалаў ҳәм жойбар басқарыўы) бойынша шәртнамаларға қол қойыў;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен экспериментте қатнасыўшы қурылыс объектлери ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери дизиминиң тастыйықланыўы.
Эксперимент таңлап алынған объектлердиң қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланып, олар пайдаланыўға тапсырылыўына шекем әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Қурылыста техникалық нормалластырыў орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
қурылыста нормалластырыў системасындағы ҳәм инновациялық технологияларды енгизиўдеги машқалаларды үйренип барыў;
қурылыс тараўындағы халықаралық нормалар, қағыйдалар ҳәм стандартларды үйрениў ҳәм таллаў тийкарында миллий нормативлик ҳүжжетлерди олар менен үйлестириў;
имаратлар, объектлер ҳәм олардың айрықша элементлерине болған қәўипсизлик талапларын, сондай-ақ, имаратлар ҳәм объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды ислеп шығыў;
нормативлик, соның ишинде, сырт ел ҳүжжетлериниң илимий-техникалық китапханасы ҳәм электрон базасын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў;
сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер, консультантлар ҳәм қәнигелер менен бирге ислесиў және оларды миллий нормативлик ҳүжжетлер базасын жетилистириўге тартыў.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылыста техникалық нормалластырыў орайының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 20 дан ибарат структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Орай жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры, ХФИ/СҲФШның техникалық жәрдем қаржылары (грантлары) ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғынлығы;
Орайдың штат бирликлери тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басқарыў хызметкерлерин 2020-жылы оптималластырыў есабынан жәмленетуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги еки ай мүддетте 2020-2023-жылларда қала қурылысы жумысы тараўында техникалық жақтын тәртипке салыўға байланыслы миллий нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) тастыйықласын.
Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде:
миллий нормативлик, соның ишинде, уйымлық ҳүжжетлерди ислеп шығыў, қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў қурылыс тараўында тәжирийбеге ийе болған сырт ел компанияларын тартқан ҳалда әмелге асырылатуғынлығы;
тармақ министрликлери ҳәм уйымлары ислеп шығылған ҳәм қайта көрип шығылған нормативлик, соның ишинде, уйымлық ҳүжжетлерди тастыйықлаўдан алдын олардың жойбарларын Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине келисиў ушын мәжбүрий тәртипте киргизилиўин тәмийинлейтуғынлығы;
тийисли министрликлер ҳәм уйымларға ажыратылатуғын бюджет қаржылары ҳәм нызмашылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў жумысларының қаржыландырыў дәреклери есапланатуғынлығы белгиленсин.
- Қала қурылысы жумысы тараўында техникалық жақтан тәртипке салыўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлерди реформалаў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы кеңес) 3-қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
Муўапықластырыўшы кеңес (А.Раматов):
министрликлер ҳәм уйымлардың нормативлик, соның ишинде, уйымлық ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў жумысы муўапықластырылыўын;
министрликлер ҳәм уйымлардың нормативлик ҳүжжетлер, соның ишинде, техникалық тапсырмалар ҳәм таңлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў және қайта көрип шығыў бойынша жыллық ҳәм узақ мүддетли бағдарламалары келисилиўи ҳәм олардың орынланыўы үстинен системалы мониторинг орнатылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
бир ай мүддетте қурылыс тармағын реформалаў, соның ишинде, миллий нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық экспертлер ҳәм консультантларды тартыўда Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине әмелий жәрдем көрсетсин;
2020-жылы миллий нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў, сондай-ақ, халықаралық экспертлер ҳәм консультантлар хызметлериниң төлемин әмелге асырыў ушын бир ай мүддетте Қурылыс министрлигине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорының қаржылары есабынан 15 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин;
2021-2023-жыллар ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлерин ислеп шығыўда миллий нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў ушын зәрүр болған қаржыларды ажыратыўды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, орынланып атырған қурылыс-монтажлаў жумысларының түрлери ҳәм басқа да нормаларға қарап минимал талапларды дифференциялластырған ҳалда қурылыс тараўында мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлигине байланыслы нормаларды жетилистириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Қурылыс министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте еки ай мүддетте алдынғы тәжирийбени есапқа алған ҳалда қурылыс тараўында сатып алыўдың тәртип-қағыйдаларын шөлкемлестириў және өткериў тәртибин, соның ишинде, жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаўда сатып алыў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў бойынша талапларды жетилистириўге байланыслы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги:
а) 2020-жыл 1-августқа шекем халықаралық финанс институтларын тартқан ҳалда төмендегилердиң ислеп шығылыўын тәмийинлесин:
Өзбекстан Республикасы қурылыс тараўын модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыўдың 2020-2025-жылларға мөлшерленген стратегиясы;
қала қурылысы жумысы тараўында техникалық жақтан тәртипке салыўға байланыслы миллий нормативлик ҳүжжетлерге сәйкес болмаған бөлеклер ушын компенсациялаўшы илажларды тәмийинлеў бойынша арнаўлы техникалық шәртлерди келисиў ҳәм тастыйықлаў тәртибин;
«fast-track» усылы (бир ўақыттың өзинде жойбарлаў, сатып алыў ҳәм қурылыс жумыслары) менен «таяр ҳалда тапсырыў» шәртлери (Engineering Procurement Construction) тийкарында объектлерди қурыўға рухсат бериў тәртибин;
б) Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте Министрлер Кабинетине төмендеги ҳүкимет қарарлары жойбарларын киргизсин:
еки ай мүддетте – экспериментте қатнасып атырған қурылыс объектлери ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин тастыйықлаў ҳаққында;
эксперимент нәтийжесинен келип шығып ҳәм алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда – орайласқан дәреклер есабынан әмелге асырылатуғын ҳәм буйыртпашы функциясын жеке исбилерменлик субъектлери орынлайтуғын объектлер қурылысын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлардың жанындағы қурылыс, реконструкциялаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў бойынша буйыртпашы хызметлериниң жумысын реформалаў ҳаққында;
в) Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Орайлық банк ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда 2020-жыл 1-майға шекем көп квартиралы турақ жайларды үлес киргизиў тийкарында қурыў процесин тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин, онда төмендеги талапларды орнатыў нәзерде тутылсын:
үлес киргизиў тийкарында турақ жайларды қурыў ушын қаржыларды тартыўдан алдын келисилген жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң бар болыўы, қурылыс шөлкеминиң банк есап бетлеринде жыйналатуғын үлес қосқанлардың қаржыларынан мақсетсиз пайдаланыўды шеклеп қойыў;
қурылыста үлес киргизиў тийкарында қатнасыў бойынша шәртнамаларды мәжбүрий тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм үлес киргизиў тийкарында қурылыста қатнасыў ушын қаржыларды тартатуғын қурылыс шөлкемлериниң бирден-бир реестрин жүргизиў;
г) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан инженерлер-консультантлар ассоциациясы менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем кәсипке муўапықлық сертификатларының берилиўин тәмийинлеген ҳалда қурылыс тараўы хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирсин;
д) Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң электрон рейтингин жаратыў шеңберинде:
2020-жыл 1-апрельге шекем жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң электрон рейтингин қәлиплестириў ушын зәрүр болған мағлыўматлар дизимин анықласын және оларды министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигине усыныў тәртиби белгиленсин;
электрон рейтинглерди енгизиў ушын орнатылған мүддетлерде «Таза қурылыс» миллий мәлимлеме системасы менен интеграцияластырған ҳалда зәрүр программалық тәмийнатты ислеп шықсын;
е) Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жаңалаў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
ж) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов – усы Пәрманның сапалы, толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлесин, нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў ушын жуўапкер болған министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр айда олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша орынбасары – экономика ҳәм санаат министри Ж.А.Қўчқоров – қурылыс тараўында сатып алыўдың тәртип-қағыйдаларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиплерине алдынғы сырт ел тәжирийбесиниң енгизилиўин, сондай-ақ, миллий нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм қайта көрип шығыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин:
Өзбекстан Республикасы қурылыс министри Б.И.Закиров – жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс бөлип алып ислеўши шөлкемлер, уйымлық билимлендириў мәкемелериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қурылыс тараўында мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлигиниң нормаларын жетилистириў бойынша зәрүр илажларды көрсин;
Өзбекстан Республикасы қурылыс министриниң биринши орынбасары Ш.С.Хидоятов – барлық миллий нормативлик ҳүжжетлердиң басқышпа-басқыш ҳәм сапалы ислеп шығылыўы ҳәм қайта көрип шығылыўын, қурылыс тараўына, соның ишинде, сатып алыўдың тәртип-қағыйдаларына алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары кеңнен енгизилиўин тәмийинлесин;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев – усы Пәрманның мазмун-мәнисин ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы брифинглер, пресс-конференциялар шөлкемлестирип, мақалалар ҳәм тематикалық телекөрсетиўлер жәрияласын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 13-март
ӨзА