USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 26 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигиндеги ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынлаўда жүзеге келетуғын коррупцияға байланыслы қәўип-қәтерлерди баҳалаў системасын жетилистириў ҳәм мәмлекетлик хызметке ҳадаллық стандартларын енгизиў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетте бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм «жасырын экономика»ны  қысқартыў илажлары көрилмекте ҳәм «Коррупциясыз тараў» жойбарлары әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар коррупция жағдайларының себеплери менен шараятларын анықлаў, оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыўды талап етпекте. Бул жумысларға пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа ўәкиллерин де кеңнен тартыў зәрүрлиги туўылмақта.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны избе-из әмелге асырыў, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестирилсин.

Агентлик:

коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестиретуғынлығы ҳәм әмелге асыратуғынлығы, мәмлекетлик уйымлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели жумысын тәмийинлейтуғынлығы, сондай-ақ, усы тараўдағы халықаралық бирге ислесиў ушын жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы есапланатуғынлығы;

өз жумысын нызамлылық, қалыслық, ҳадаллық, есаплылық ҳәм ашық-айдынлық  принциплери тийкарында басқа мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың мәпдар шахсларынан бийғәрез түрде әмелге асырылатуғынлығы, Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынатуғынлығы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының алдында есабат беретуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор тәрепинен басқарылатуғынлығы. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Агентлик директорын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў ҳаққындағы пәрманлары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен тастыйықланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетте коррупция жағдайын системалы таллаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы қәўип-қәтерлер жоқары болған тараўлар және коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың жүз берилиўиниң себеплери менен шараятларын анықлаў;

коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың системалы себеплери менен шараятларын сапластырыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;

пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелерине байланыслы мәлимлемелерди тарқатыў және коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқытыўды шөлкемлестириў арқалы жәмийетте коррупцияның барлық көринислерине маўасасыз қатнасты қәлиплестириў;

министрликлер ҳәм уйымлардың коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы жумысын муўапықластырыў, мәмлекетлик уйымлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да мәмлекетлик сектор ўәкиллериниң бул мәселелер бойынша биргеликтеги нәтийжели жумысын шөлкемлестириў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав капиталында мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар, соның ишинде, банклерде коррупцияға қарсы  ишки қадағалаў системасы («комплаенс-қадағалаў») ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўдиң басқа да халықаралық қуралларын енгизиў ҳәм нәтийжели жумыс ислеўин шөлкемлестириў, заманагөй усыллар ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында коррупцияға қарсы мониторинг алып барыў, сондай-ақ, олардың усы тараўдағы жумысы бойынша рейтингин дүзиў;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизасының нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў, халықаралық стандарларды ҳәм алдынғы сырт ел әмелиятын енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

мәмлекетлик хызметкерлердиң дәрамат ҳәм мүлкин декларациялаў системасының енгизилиўи ҳәм нәтийжели жумыс ислеўди және декларациялардың дурыс екенлигиниң тексерилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақбул процессте анықланған коррупция жағдайларына өз ўақтында тәсир етиў илажлары көрилиўин тәмийинлеў;

мәмлекетлик хызметке ҳадаллық стандарты («ҳадаллық вакцинасы») ҳәм мәплердиң соқлығысыўын шешиў стандартларын енгизиўде жәрдем бериў бойынша тәсиршең илажларды көриў, сондай-ақ, оларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;

бюджет қаржылары, халықаралық ҳәм сырт мәмлекетлердиң қарызларынан пайдаланыў, мәмлекетлик активлерди реализациялаў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында коррупцияға қарсы қадағалаў системасының нәтийжелилигин таллаў, сондай-ақ, оны жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң имиджин беккемлеў ҳәм оның халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

коррупцияның жағдайы, тенденциялары ҳәм себеплери және коррупцияға қарсы илажлар көриўдиң нәтийжелилиги бойынша социологиялық, илимий ҳәм басқа да изертлеўлерди шөлкемлестириў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң тәсиршеңлигин арттырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сол мақсетте ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа да ўәкиллери менен нәтийжели бирге ислесиўди әмелге асырыў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Агентлик:

ҳәр жылы ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланыўы лазым болған Өзбекстан Республикасында  коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында миллий баянатты таярлайды және оны көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына киргизеди;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер болған комитетлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли комитети, халық депутатлары ўәлаятлық және Ташкент қаласы, район ҳәм қала Кеңеслериниң коррупцияға қарсы гүресиў  комиссиялары менен бирге ислеседи;

коррупцияға байланыслы, биринши гезекте, Өзбекстан Республикасының миллий мәплерине ҳәм халықаралық имиджине зыян жеткеретуғын жынаятларды тергеў нәтийжелерин комплексли таллаў және нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына мәлимлеме береди;

коррупцияға байланыслы жынаятлардың ақыбетинде жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине жеткерилген зыянның толық қапланыўына ерисиў үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў системасының нәтийжелилигин таллайды ҳәм оны жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди;

пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте аймақлар, экономика тармақлары ҳәм басқа да тараўлар кесиминде коррупцияның дәрежесин баҳалайтуғын Коррупцияны қабыл етиў миллий индексин дүзиўди шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мақсетинде мәмлекетлик буйыртпашысы ISO 37001 коррупцияға қарсы стандартын қолланыўды нәзерде тутатуғын талапты орнатады;

орынларда коррупцияның алдын алыўға қаратылған аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўын шөлкемлестиреди;

коррупция жағдайларына байланыслы материалларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ғалаба хабар қуралларына усынады.

  1. Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

бюджет қаржыларының жумсалыўы, мәмлекетлик активлердиң реализацияланыўы, мәмлекетлик сатып алыўлар, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўына байланыслы  материалларды талап етиў, алыў ҳәм үйрениў;

өз ўәкиллигине тийисли мәселелер бойынша орнатылған тәртипте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиў;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң коррупция мәселелери бойынша мүрәжатларын көрип шығыў және олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажлар көриў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында коррупция жағдайын үйрениў;

коррупцияға байланыслы жынаятлардың жүз бериўиниң себеплери менен шараятларын анықлаў, системалы коррупцияның раўажланыў тенденцияларын таллаў мақсетинде нызамшылық, соның ишинде, жынаят-процессуаллық нызамшылыққа муўапық жынаят ислери материалларын үйрениў;

үйрениў ҳәм басқа да илажлардың нәтийжелери бойынша жыйналған материалларды жумысында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық белгилери болған шахсларға нызамға муўапық илажлар көриў, соның ишинде, жынаят ислерин қозғаў ушын ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымларға усыныў;

коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик сорастырыўлар өткериў;

атқарыў ҳәкимияты ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және олардың лаўазымлы шахсларының қарарларында коррупцияның белгилери анықланған жағдайларда олардың орынланыўын тоқтатыў ямаса бийкар етиў ҳаққында көрип шығыўы мәжбүрий болған усынысларды киргизиў;

мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына көрип шығыўы мәжбүрий болған коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлыққа жол қоймаў ҳаққында ескертиўлер  ҳәм коррупцияны келтирип шығаратуғын себеплер менен шараятларды сапластырыў илажларын көриў ҳаққында усыныслар киргизиў.

Агентликтиң ескертиў, усыныс ҳәм мүрәжатлары он күн ишинде көрип шығылыўы ҳәм нәтийжелери бойынша жазба мәлимлеме берилиўи шәрт.

  1. Агентлик хызметкерлериниң қурамы юриспруденция, экономика, қаржы, салық, аудит, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм Агентликке жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған басқа да тараўлар бойынша жоқары қәнигели кадрлар арасынан толықтырылатуғыны;

Агентликтиң ҳүжжетлер, материаллар ҳәм басқа да мағлыўматларды усыныў, ревизия ҳәм тексериўлер өткериў, қәнигелер ажыратыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды, оларды келтирип шығарыўшы себеплер менен шараятларды сапластырыў ҳаққындағы талапларын орынлаў мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәм пуқаралары ушын мәжбүрий болып есапланатуғыны;

Агентлик хызметкерлери өз ўәкилликлери шеңберинде коррупцияның себеплери менен шараятларын үйрениў ҳәм таллаў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары, иркиўде турғанларды ҳәм қамаққа алынғанларды сақлаў орынлары, жазаны орынлаў мәкемелерине тосқынлықларсыз кириўге ҳәм ҳүжжетлер менен танысыўға ҳақылы екени;

коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелери бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий түрде Агентлик пенен келисиўи керек екенлиги белгиленсин.

  1. Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссия ҳәм оның аймақлық уйымлараралық комиссиялары Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси (кейинги орынларда – Миллий кеңес) ҳәм оның аймақлық кеңеслери етип қайта шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентлик Миллий кеңестиң жумысшы уйымы етип белгиленсин.

Агентлик Миллий кеңестиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўшилик-методикалық қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, жумыс режелерин ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте Миллий кеңес тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын шөлкемлестириўди тәмийинлесин.

  1. Агентлик үш ай мүддетте:

Агентликти жоқары қәнигели кадрлар менен,  биринши гезекте, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелий жумыс тәжирийбесине ийе ҳәм Агентликке жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде орынлаўға уқыплы шахслар арасынан толықтырылыўын;

Агентлик жумысының шөлкемлестирилиўин тәртипке салыўшы ҳүжжетлер пакети,  соның ишинде, Агентлик структуралары ҳаққында режелер ҳәм хызметкерлердиң минез-қулқы қағыйдаларының ислеп шығылыўын тәмийинлесин.

Агентликти хызметкерлер менен толықтырыў конкурс тийкарында халықаралық стандартларға муўапық Агентлик тәрепинен белгиленетуғын тәртипте әмелге асырылатуғыны;

Агентликке биринши рет жумысқа қабыл етилетуғын хызметкерлер  жумыстан ажыратылған ҳалда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң теориялық ҳәм әмелий мәселелери, сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартларды үйрениўди қамтып алыўшы арнаўлы оқыў бағдарламалары бойынша билим алатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик:

а) Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте, соның ишинде, халықаралық шөлкемлердиң қаржыларын тартқан ҳалда, 2020-2021-жылларда барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасы («комплаенс-қадағалаў»н басқышпа-басқыш енгизиў илажларын көрсин;

б) мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында жуўапкершиликти арттырыў ҳәм коррупцияны сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте үш ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамы талапларын, соның ишинде, сатып алыў тәртип-қағыйдаларының түрлерин белгилеў ҳәм атқарыўшыны таңлаў шәртлерин бузғанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде дүзилген шәртнамаларды мәжбүрий түрде жәриялаў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларда таңлаў ҳәм тендер саўдалары арқалы заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда тек ғана электрон тәризде әмелге асырыў тәртибин енгизиў бойынша усынысларды киргизсин;

в) Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Орайлық банк ҳәм Есап палатасы менен биргеликте үш ай мүддетте, соның ишинде, турақ жай коммунал хожалығы, суў хожалығы, қурылыс ҳәм энергетика тараўларында мәмлекетлик сатып алыўлар, мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳәм оннан пайдаланыўда нызам ҳүжжетлерине әмел етиў жағдайы бойынша үйрениў өткерсин;

г) Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте турақлы түрде мәмлекетлик сатып алыўларды аффилленгенлик, соның ишинде, сатып алыўлар қатнасыўшыларының ақырғы бенефициар ийелерине тийисли мәплердиң соқлығысыўын анықлаў ҳәм алдын алыў илажларын көриў мақсетинде аралықтан мониторинг өткерсин.

  1. Агентликке:

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ушын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тармақтың Стамбул ҳәрекетлер бағдарламасы шеңберинде жумыслар да ислеп шығылған усыныслардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы ҳәм Өзбекстан Республикасының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы басқа да халықаралық шәртнамалары қағыйдаларының орынланыўына байланыслы илажларды әмелге асырыў ҳәм усы бағдардағы жумысты муўапықластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий координаторы ўазыйпасы ҳәм ўәкилликлери жүкленсин.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте үш ай мүддетте:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумысы, сондай-ақ, усы тараўдағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламалардың нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў имканиятын беретуғын «E-Anticor.uz» электрон платформасы;

коррупция жағдайлары ҳаққында Агентликти хабардар етиў имканиятын бериўши арнаўлы мобиль программалық тәмийнат;

Агентликке мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң мағлыўматлар базаларынан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў бойынша комплексли илажлардың ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Бас прокуратурасы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте, халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда;

еки ай мүддетте – Өзбекстан Республикасының коррупцияға қарсы гүресиў тараўында халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў бойынша «Жол картасы»ның ислеп шығылыўын ҳәм Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңеске киргизилиўин;

үш ай мүддетте – «Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматлары, мүлки ҳәм мәплердиң соқлығысыўын декларациялаў ҳаққында»ғы, «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында»ғы нызам жойбарларының ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин;

үш ай мүддетте – Коррупцияға қарсы гүресиў халықаралық стандартларды Өзбекстан Республикасы нызамшылығына имплементациялаўды даўам еттириў бойынша «Жол картасы»ның ислеп шығылыўын ҳәм көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын Миллий кеңеске киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Агентликтиң жумысын әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер, соның ишинде, имаратларды оңлаў, мебель ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен үскенелеў ушын орнатылған тәртипте қаржылар ажыратыў илажларын көрсин;

2021-жылдан баслап ҳәр жылы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде өз алдына статья менен Агентликтиң жумысын ҳәм коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў илажларын қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Министрлер Кабинети Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Агентликти жайластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия Агентликке жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда оған ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын сәўлелендириў бойынша мақалалардың басылыўын ҳәм тематикалық телекөрсетиўлердиң берип барылыўын шөлкемлестирсин.
  4. Агентлик Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усынысларды киргизсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 29-июнь