Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Спортта допинг қолланылыўының алдын алыў ҳәм допингке қарсы гүресиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў, Спортта допингке қарсы гүресиў ҳаққындағы халықаралық конвенция, Дүнья жүзилик антидопинг кодекси ҳәм басқа да халықаралық антидопинг стандартлары талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, Дүнья жүзилик допингке қарсы агентлигиниң усынысларын инабатқа алып:
- Министрлер Кабинети, Қаржы министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлиги (кейинги орынларда Агентлик) ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң:
Агентлик басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын 2 есеге көбейтиў ;
2021-жыл 1-апрельден баслап Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола Агентлик хызметкерлериниң лаўазым айлық мийнет ҳақыларын белгилеўде тариф коэффициентлерин 1,5 есе муғдарда қолланыў;
Агентлик бас директорының статусын, мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў шәртлерине бола министрдиң биринши орынбасарына теңлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Министрлер Кабинети жанындағы Миллий антидопинг агентлигиниң жаңаланған структурасы1-қосымшаға муўапық тасыйықлансын.
Агентлик бас директорына Агентликтиң тасыйықланған структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Агентлик (Н.Турсунов):
а) Дүнья жүзилик допингке қарсы агентлигиниң талапларынан келип шығып бир ай мүддетте:
қадаған етилген затлардан пайдаланыў бағдарында спортшылардың арза ҳәм ҳүжжетлерин үйренип, жуўмақ шығарыў менен шуғылланатуғын Терапевтлик алып таслаў бойынша комиссия;
антидопинг қағыйдаларының бузылыўы жағдайларын үйренип, қарар шығарыў менен шуғылланатуғын Әдеп-икрамлылық бойынша комиссия;
Терапевтлик алып таслаў бойынша комиссия жуўмағы ҳәм Әдеп-икрамлылық бойынша комиссия қарарынан наразы тәрептиң арзасын үйренип, қарар шығарыў менен шуғылланатуғын Апелляция бойынша комиссия жумысларын нәтийжели шөлкемлестирсин, оларды маман қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин;
б) еки ҳәпте мүддетте усы қарардың мазмун-мәнисин Дүнья жүзилик допингке қарсы агентлигине жеткериў илажларын көрсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):
Агентликтиң орайлық аппараты ушын 2 арнаўлы автотранспорт қуралын сатып алыў ҳәм сақлаў ушын лимит ажыратсын;
усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Агентлик қәрежетлери ушын тийкарланған есап-санақлар бойынша 2021-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын ҳәм 2022-жылдан баслап зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Агентликти зәрүр шараятларға ийе болған имаратқа орналастырыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 6-апрель.