Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-марттағы «Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлери системасын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында»ғы ПП–6195-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;

районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлериниң үлги структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги системасындағы шөлкемлер дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда ­ Агентлик) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 356, соның ишинде орайлық аппаратында 39 етип белгиленсин.
  2. 3.Агентлик директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлери структурасына өзгерислер киргизиў;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармалары ҳәм районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлериниң структураларын тастыйықлаў;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў басқармалары ҳәм районлық (қалалық) медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын улыўма белгиленген штат бирликлери шеңберинде тастыйықлаў;

Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Агентлик структурасына қосымша басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлерин киргизиў.

  1. Агентлик Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медициналық-социаллық хызметлер агентлигиниң шәртнамалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Төмендегилер Агентликтиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик жәрдемлери;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Бунда, Агентликтиң орайлық аппаратының жумысы республика бюджети қаржылары есабынан, Агентликтиң аймақлық бөлимлериниң жумысы жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан қаржыландырылады.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Ташкент қаласы, Шайхантахур районы, Наўайы көшеси, 12-жай мәнзилиндеги имарат ҳәм объектлериниң А-блоги Агентликке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилсин.
  2. Қаржы министрлиги Агентликке жәми төрт, соның ишинде үш бириктирилген ҳәм бир нәўбетши жеңил автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын қаржылар ҳәм оларды сақлаў ушын лимит ажыратсын.
  3. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликтиң буйыртпасы бойынша оны белгиленген тәртипте тийисли байланыс түрлери менен тәмийинлесин.
  4. Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары (Б.А.Мусаев) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў менен байланыслы шөлкемлестириў мәселелерин шешиў;

Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлерди заманагөй талапларды есапқа алған ҳалда, қойылған ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионал дәрежеде тәмийинлеўге уқыплы болған квалификациялы қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин.

  1. Агентлик Қаржы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

а) Агентлик ҳаққындағы реже жойбарын;

б) Агентлик ҳәм оның системасындағы шөлкемлерге жүкленген тийкарғы ўазыйпаларды терең талқылап, бар кемшилик ҳәм машқалаларды сапластырыў, медициналық-социаллық мәкемелердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди инабатқа алған ҳалда:

«Сақаўат» кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;

«Мүриўбет» майыплығы болған пуқаралар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;

«Мүриўбет» майыплығы болған балалар ушын интернат үйлери ҳаққындағы реже;

Кекселер ҳәм майыплығы болған пуқаралар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторийлер ҳаққындағы реже;

Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республикалық пансионат ҳаққындағы реже;

Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша республикалық реабилитация орайы ҳаққындағы реже жойбарларын;

в) нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 25-март.