Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Кейинги жылларда мәмлекетимиздиң аўыл хожалығын реформалаў, атап айтқанда, тараўда мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў, базар қатнасықларын кеңнен енгизиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши, қайта ислеўши ҳәм сатыўшы субъектлер арасындағы қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын беккемлеў, тараўға инвестицияларды тартыў, ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиў және аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларды заманагөй техникалар менен тәмийинлеў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша узақ мүддетке мөлшерленген стратегияның жоқ екенлиги жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға, тараўға инвестицияларды кеңнен тартыўға, ислеп шығарыўшылардың жоқары дәрамат алыўына ҳәм өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға тосқынлық етпекте.
Өндиристи диверсификациялаў, жер ҳәм суў қатнасықларын жетилистириў, қолайлы агробизнес орталығын ҳәм жоқары қосымша қун шынжырын жаратыў, кооперация қатнасықларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, тараўға базар механизмлерин, мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, илимниң жетискенликлеринен нәтийжели пайдаланыў және кадрлар потенциалын арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң қатнасыўында ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия) 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша «Жол қарта»сы (кейинги орынларда – «Жол карта»сы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Стратегияны әмелге асырыўдың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тутыныў рационын жақсылаў, талап етилетуғын муғдардағы азық-аўқат өнимлерин жетистириўди нәзерде тутатуғын азық-аўқат қәўипсизлиги мәмлекетлик сиясатын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыў ҳәм сатыўда базар принциплерин кеңнен енгизиў, сапаны қадағалаў инфраструктурасын раўажландырыў, экспортты хошаметлеў, мақсетли халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлы, жоқары қосымша қунлы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат товарларын ислеп шығарыўды нәзерде тутатуғын қолайлы агробизнес орталығын ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў;
аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағын модернизациялаў, диверсификациялаў ҳәм турақлы өсиўди қоллап-қуўатлаў ушын жеке-меншик инвестициялық капитал ағымын көбейтиўди нәзерде тутатуғын тараўда мәмлекеттиң қатнасын азайтыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў механизмлерин енгизиў;
жер ҳәм суў ресурслары, тоғай фондынан ақылға уғрас пайдаланыўды нәзерде тутатуғын тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў системасын жетилистириў;
аўыл хожалығында мәмлекетлик басқарыў структурасын реструктуризациялаў ҳәм буннан былай да рааўажландырыўды нәзерде тутатуғын басқарыўдың заманагөй системаларын раўажландырыў;
фермер хожалықларында мийнет өнимдарлығын арттырыў, өнимниң сапасын жақсылаў, жоқары қосымша қунды жаратыўға қаратылған тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў арқалы мәмлекетлик қәрежетлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм басқышпа-басқыш қайта бөлистириў;
аўыл хожалығында илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм мәсләҳәт хызметлериниң өндирис пенен интеграцияласқан билим ҳәм мағлыўматларды тарқатыўдың нәтийжели түрлерин қолланыўды нәзерде тутатуғын илим, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын раўажландырыў;
аўыллық жерлерди тең салмақлы ҳәм турақлы раўажландырыўға жәрдемлесиўди нәзерде тутатуғын аўыл аймақларын раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў;
заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў арқалы статистикалық мағлыўматларды топлаў, таллаў ҳәм тарқатыўдың исенимли усылларын енгизиўди нәзерде тутатуғын тармақ статистикасының ашық системасын жаратыў.
- Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы кеңес) 3-қосымшаға муўапық қурамда тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы етип белгиленсин.
- Муўапықластырыўшы кеңес (А.Н.Арипов):
Стратегияның толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестирсин және белгиленген индикаторларға ерисиў үстинен турақлы мониторинг алып барсын;
бир ай мүддетте Стратегияның ҳәр бир тийкарғы бағдары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерден, соның ишинде, сырт ел экспертлеринен ибарат қурамда турақлы ислейтуғын жумысшы топарларды, оларға халықаралық финанс шөлкемлери, сырт еллер ҳәм басқа да донорлардың грантлары, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеген ҳалда қәлиплестирсин;
Стратегия ҳәм «Жол карта»сын әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары сапалы ҳәм өз мүддетинде ислеп шығылыўын және белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин;
ҳәр жылы 1-декабрьге шекем усы жыл ушын белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын терең таллаған ҳалда Стратегияны әмелге асырыў бойынша келеси жылға мөлшерленген илажлардың бағдарламасын тастыйықлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарының сапалы ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин шөлкемлестирсин;
ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына Стратегияны әмелге асырыў бойынша орынланған жумыслар ҳаққында мәлимлеме усынып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте усы Пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпалардың толық ҳәм өз мүддетлеринде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде министрлик структурасында қосымша 4 штат бирлигинен ибарат жуўапкер басқарма шөлкемлестирсин және сырт ел экспертлериниң тартылыўын тәмийинлесин.
Сырт ел экспертлерин тартыў министрликтиң бюджеттен тысқары және халықаралық финанс институтларының грант ҳәм техникалық жәрдем қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-октябрьдеги ПҚ-4486-санлы «Суў ресурсларын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанында Суў хожалығы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң шөлкемлестирилгенлиги және оған суў хожалығы тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў жүкленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги нәзерде тутылған инвестициялық жойбарлар, жойбарларды әмелге асырыў топарлары, сондай-ақ, миннетлемелер ҳәм шәртнамалар сақлап қалынған ҳалда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң қурамына өткерилсин.
- Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлар және министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары фондларының бюджетлери параметрлеринде аўыл хожалығы қәрежетлериниң қурамын диверсификациялаўдың мақсетли бағдарлары 4-қосымшаға муўапық белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына:
Стратегияның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлериниң мәлимлемеси ҳәр шеректе Сенат, Нызамшылық палатасы ҳәм тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси және халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслериниң мәжилислеринде тыңланып барылыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 23-октябрь